Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманында (ПП-140-санлы, 21.08.2025-ж.) бул ҳаққында сөз барады.

Пәрманға бола, судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм санластырыў процесслерин жеделлестириўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

суд ислерин жүргизиўде қағаз түринен ўаз кешиў мақсетинде "Санлы суд" концепциясы тийкарында ислерди жүргизиўди басқышпа-басқыш толық электрон түрге өткериў;

судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ушын зәрүр техникалық инфраструктура жаратыў;

Жоқары судтың мәлимлеме системалары негизинде суд ҳүжжетлери архивиниң модулин ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў;

судлардың жумысын санластырыў бойынша "Кибер ҳуқық" бағдарында илимий изертлеўлер өткериў, сондай-ақ, судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлериниң санлы саўатлылығы ҳәм маманлығын турақлы арттырып барыў.

"Санлы суд" концепциясын әмелге асырыў шеңберинде:

судқа арза бериўден алдын жасалма интеллект жәрдеминде суд додалаўының шама менен нәтийжеси ҳәм жумсалатуғын қәрежетлер қәлиплестириледи;

мүрәжатлар судқа электрон формада жибериледи;

суд ҳүжжетлери жойбарлары автомат түрде қәлиплестириледи.