"Ғишткўприк", "Зангиота" ҳәм "Даўыт ата" өткериў пунктлеринде "жасыл" ҳәм "қызыл" жоллар енгизиледи

    1 сәуір 2025 1226

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-122-санлы, 25.03.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, 2025-жылы бажыхана тараўын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:

    тараўға жасалма интеллект технологияларын енгизиў;

    бажыхана уйымларының мәлимлеме системаларын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў;

    бажыхана уйымларының шөлкемлестириў структураларын оптималластырыў.

    Бажыхана комитети системасында Бажыхана рәсмийлестириўи орайы шөлкемлестириледи. Онда аймақлық басқармалардың аралықтан электрон декларациялаў бажыхана постлары басқышпа-басқыш сапластырылады.

    Бажыхана комитетиниң қурамында бажыхана тараўына жасалма интеллект технологияларын енгизиўге қәнигелескен структура шөлкемлестириледи. Структураның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди. Соннан:

    жасалма интеллект технологиялары тараўында алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў;

    бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўин қамтып алған жасалма интеллект технологияларын изертлеў, олардың нәтийжели ислеўин тәмийинлеў ҳәм турақлы түрде сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў илажларын көриў.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates