Бир адамға 20ға шекем банк картасын ашыў шеклеўи орнатылыўы мүмкин

    2 желтоқсан 2024 40

    Орайлық банк социаллық тармақларда бир физикалық шахсқа бир банк картасы берилиўи бойынша нормалар орнатылып атырғаны ҳаққында мәлимлеме ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынын мәлим етти.

    Банк карталары менен байланыслы гүманлы (фрод) операциялардың алдын алыў, алдаўшылық схемаларында физикалық шахсларға тийисли есап-бетлер ҳәм банк карталары қатнасыўын азайтыў мақсетинде банклер тәрепинен бир физикалық шахсқа (бир ЖШШИРға) карталар санын (виртуал ҳәм кобейджинг карталарын инабатқа алған ҳалда) ўақтыншалық бир банкте 5еўге шекем, барлық банклерде 20ға шекем белгилеў мәселеси көрип шығылмақта.

    Онда бул талап сырт ел валютасында ашылған банк карталарына қолланылмайтуғыны нәзерде тутылмақта.

    Ҳәзирги күнде банк карталарына ийе физикалық тәреплердиң дерлик 97 процентинде (22 млн) 5 еўге шекем, 3 процент (770 мың) физикалық шахста 5-20 ҳәм 0,03 процентте ямаса 7 мың физикалық шахста 20 дан аслам карталар рәсмийлестирилген.

    Физикалық тәреплердиң атына көп муғдарда ашылған банк карталарын анализлеў процесинде, бул банк карталарының бир бөлегинен (айырым жағдайларда карта ийесиниң хабары жоқ) алдаўшылық мақсетлеринде пайдаланылып атырғаны анықланған.

    Додаланып атырған нормалар халықтың банк карталары арқалы төлемлерди әмелге асырыўда қолайсызлықлар пайда етпейди ҳәм бул талаплар коммерциялық банклердиң банк карталарын эмиссия етиў жумысын тәртипке салыўға қаратылған.

    Өз гезегинде, Орайлық банк бул бағдарда жағдайды турақлы бақлап барыўын мәлим етеди.

    Сондай-ақ, бул талаплар толық таяр болғаннан кейин журналистлер ҳәм кең жәмийетшилик додалаўына усыныс етилиўи күтилмекте.