Әзелден халқымыз арасында үлкен саўдагер, түрли тараўдағы исбилерменлер көп болған. Оған қалаларымыздың Шығыс ҳәм Батысты байланыстырып турған Уллы жипек жолының орайында жайласқаны да бир фактор. Бул кәрўан жолынан узақ үлкелерге жол алған саўдагерлер аймағымыздағы ири кәрўан сарай, халық көп базарларда тоқтап, затларын сатқан яки жергиликли халық өнимлерин сатып алған. Бул халқымыздың исбилерменлик потенциалын және де арттырған. Сонлықтан, ҳәзир де халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағал шаңарақлардың абаданлығын арттырыўда олардың исбилерменлик потенциалын жүзеге шығарып, өз бизнесин жолға қойыўына материаллық-руўхый жақтан жәрдем бериў нәтийжели усыллардан бири болып қалмақта.
Әсиресе, енди ғана үлкен өмирге қәдем қойып атырған, заманагөй пикирлейтуғын, күш-ғайраты жоқары исбилермен жаслардың бизнеси тез аяққа турып, адамлардың тилине түспекте. Әлбетте, бунда оларға еркин жумыс алып барыўы ушын жаратылып атырған шараят және берилип атырған жеңиллик ҳәм имканиятлардың әҳмийети үлкен. Өткен 8 жыл ишинде жас исбилерменлердиң саны үш есе көбейип, бүгин бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин 18 жастан 30 жасқа шекемги ул-қызлар қурап атырғаны сөзимизди дәлиллейди. Келешекте бул көрсеткиш есеге артыўы күтилмекте. Себеби, усы жыл 14-февральда Президентимиз жаслар исбилерменлигинде пүткиллей жаңа дәўирди баслап беретуғын үш әҳмийетли ҳүжжетке қол қойды. Олар тийкарында жолға қойылатуғын жаңа системаға бола, жаслардың ой-пикири, мақсет ҳәм идеялары үйренилип, таяр бизнес режелерге айландырылады. Ҳәттеки, бул бизнес идеяларды қай жерде, қалай турмысқа енгизиў пайдалы екени де үйрениледи.
Атап айтқанда, Президентимиздиң "Жаслар исбилерменлигин ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған бизнес жойбарларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, Жаслар ислери агентлиги жанында шөлкемлестирилип атырған Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры ул-қызларға жақын шерик, орны келгенде мәсләҳәтши, керек болса материаллық қоллап-қуўатлайтуғын қәўендер ўазыйпасын атқарады.
Қор ҳәр қандай бизнес идеяны да турмысқа енгизе бере ме? Жоқ, әлбетте. Бәринен бурын, шөлкемге мүрәжат еткен жаслардың бизнес жойбары қаншелли табыслы екени бойынша экспертлердиң тийисли жуўмағы алынады. Себеби бүгинги тезлескен заманда бизнес жойбар пуқта болмаса, базар талапларына ҳәм бәсекиге жуўап бере алмай банкротқа ушыраўы мүмкин. Мысал ушын, қорға жаслардан бири тез писер тағам (лаваш, шаурма) сатылатуғын асхана ашыў тилегин билдирип мүрәжат етти. Бундай асхана ашыўдың қәрежети ҳәм қанша пайда келтириўи есап-санақ етилип, таяр бизнес жойбар жаратылады. Оның қаншелли нәтийжели екени экспертлерден дүзилген кеңес тәрепинен үйренилип, баҳаланады. Олардың 50 процентинен көбирегиниң даўысына ийе болған бизнес жойбар нәтийжели, деп табылып, турмысқа енгизиледи.
Кеңес ағзалары кимлерден ибарат? "Алтынның қәдирин зергер билер" дегениндей, кеңес ағзалары елимизде табыслы бизнес жүргизип атырған 20 белсенди исбилерменнен дүзиледи. Олардың әйне усы қазанда қайнап турғаны, ишки ҳәм сыртқы базар талапларынан хабардар екенлиги, жумыс тәжирийбеси жойбарлардың табысын дурыс баҳалаўда қол келеди.
Сондай-ақ, өзине тоқ исбилерменлердиң кеңеске тартылыўы тармақтың ашық-айдын, коррупция, таныс-билислик сыяқлы иллетлерден жырақ болыўына тийкар жаратады. Кеңес ағзаларының 30 проценти жас исбилерменлерден дүзилиўи болса таңлап алынатуғын жойбарлардың көпшилиги заманагөй тармаққа тийисли болыўына тийкар жаратады.
Көз алдымызға келтирейик, жоқарыдағы асхана шөлкемлестириў бағдарындағы бизнес жойбар кеңес тәрепинен мақулланды. Енди кейинги басқыш, асхана ашыў ушын ең қолайлы орын таңланады. Егер бул бойынша жойбар авторының бирде-бир усынысы болмаса, қор тәрепинен таңлап алынған бизнес жойбарлар қайсы бағдарда екенине қарап өз алдына усыныслар ислеп шығылады.
Асхана ашыў орны ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздиң түрли аймақларында шөлкемлестирилип атырған 154 жаңа туризм ҳәм гастрономиялық көшелерден бири болыўы мүмкин. Сондай-ақ, ол жерде жас исбилерменлердиң түрли бизнес идеяларын турмысқа енгизиў ушын зәрүр шараят ҳәм имканиятлар таярланып атырғаны да жойбардың тез әмелиятқа енгизилиўине тийкар жаратады.
Бундай мәнзиллерге жергиликли халық пенен бирге сырт елли туристлер де келиўи асхана дәраматын есесине арттырады. Биринши гезекте, жаслардың басламалары менен бундай көшелерде мың саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасының жумысы жолға қойылыўы режелестирилмекте.
Жасларға аўыл хожалығы жерлериниң ажыратылыўы еки-үш жылдан берли өзин ақлап киятырған әмелиятлардан. Егер мине усы жерлерден пайдаланып, дәраматын 100 миллион сумнан асырған мийнеткеш ул-қызларымыздан бири өнимдарлықты және де арттырыў, жумысын кеңейтиўди қәлесе, оларға қор өз жәрдемин усынады. Бундай жасларға жаңа сорт жаратыў ямаса түрли агротехникалық жумысларды әмелге асырыўы ушын зәрүр қаржы бериледи.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў тармағын шөлкемлестириў бойынша бизнес жойбарларды усынса, бундай басламалар, әлбетте, итибардан шетте қалмайды. Қор тәрепинен дөретиўшилик жумыслары ушын зәрүр шараят таярланып, материаллық жәрдем бериледи.
Қайсы тараўда жумыс алып барыўды нийет етиўиңизге қарамастан, табыслы бизнес жойбарлар ушын қор тәрепинен айрықша өзине тән раўажланыў жолы ислеп шығылады. Шөлкем усындай усыллар менен жасларды қоллап-қуўатлап, 50 мың ул-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўди гөзлемекте.
Бизнес жойбарларды материаллық хошаметлеў көлеми олардың келешектеги перспективасы, қамтып алыў көлеминиң кеңлигине қарап белгиленеди. Атап айтқанда, Өзбекстан базарында табыс келтиретуғын стартап жойбарларға 1 миллиард сумға шекем, сырт ел базарына шығыў имканиятына ийе стартап жойбарларға болса 2 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады.
Итибар бериң, бул жерде бир неше жүз миллионлар емес, миллиардлар ҳаққында сөз болмақта. Бул қаржы биймәлел бир жастың өз идея ҳәм пикирлерин турмысқа енгизиўи және жолға қойған бизнеси арқалы шаңарағы, қалаберсе, және бир қатар жаслардың турмыс шараятын жақсылаўға басланғыш инвестиция бола алады.
Жас ул-қызларға бундай имканиятлар усынылып атырғаны белсенди жасларға исеним қаншелли жоқары екени белгиси болып есапланады. Оларға билдирилген исеним болса мәмлекеттиң келешеги, халықтың ертеңине исеним демек.
Президентимиздиң бул "Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, "Жаслар бизнеси" бағдарламасы әмелге асырылады.
Бул бағдарлама шеңберинде "Бизнеске биринши қәдем", "Жаслар ушын жумыс орынлары", "Инновациялық жаслар" жойбарлары турмысқа енгизилип, 350 мың адамның бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилмекте.
Ҳүжжетке бола, "Алоқабанк" жаслар банки, деп тән алынып, олардың бизнес жойбарларын әмелге асырыўда ең жақын шериги болады.
Жаслардың ҳәр қыйлы тараўларын қамтып алатуғын бағдарлама жойбарларын мәҳәлле жаслары мысалында түсиндириўге ҳәрекет етип көремиз. Мәҳәлле гүзары жанындағы маркетке тутас кишкене бөлмеде Азизбек өнерментшилик пенен шуғылланады. Ол еки жыл алдын өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтип жумыс баслаған. Адамлардың хызметине таяр Азизбектиң шеберлигинен пүткил мәҳәлле разы. Ол өз жумысын жаңа басқышқа көтерип, балалар аяқ кийим таярлайтуғын кишкене цехы болыўын қәлейди.
Ҳәрекетшең, белсенди жасларымыздан және бири - Хадичахан. Ол тигиўшилик цехын басқарады. Ҳәзир оның қолында бес тигиўши ҳаял-қыз ислеп, шаңарағының дәраматына дәрамат қоспақта. Хадичаханың және 20 ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеўге шараяты бар. Бирақ буның ушын азғана қосымша қаржыға мүтәжлик сезип атыр. Соның ушын, "Жаслар ушын жумыс орынлары" жойбарына бола, 20 жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутатуғын бизнес режесин әлле қашан дүзип қойған. Тек ғана оны банкке усынып, 2 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке 5 миллиард сум кредит алыў ғана қалған.
Азизбек "Жаслар бизнеси" бағдарламасының "Бизнеске биринши қәдем" жойбары бойынша 7 жыл мүддетке 100 миллион сум жеңиллетилген кредит алып, өзи қәлеген үскенени сатып алыў нийетинде. Өзин-өзи бәнт еткен жасларға берилетуғын бул кредитти алыў ушын ҳәттеки банкке барып отырыўы да зәрүр емеслигин еситип, кеўли тоқ. Тек ғана жойбардың турмысқа енгизилиўин сабырсызлық пенен күтип атыр.
Жоқарыдағы мысаллардан көринип турғанындай, ҳүжжетке муўапық жолға қойылатуғын бир ғана бағдарлама менен жасларымыздың ҳәр қыйлы мақсетлери өз орнын табыўы мүмкин. Бул бағдарлама арқалы 350 мың жасты қамтып алыў, және 18 жастан 30 жасқа шекемги ул-қызларға қосымша 100 мың жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта.
Үшинши әҳмийетли ҳүжжет - Президентимиздиң "Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылатуғын "Келешекке қәдем" бағдарламасы студентлердиң бәнтлигин тәмийинлеў, сырт ел оқыў орынларында тәжирийбе арттырыўын қоллап-қуўатлаў, өз тараўындағы бизнес жойбарларды турмысқа енгизиўинде жәрдемлесиўге хызмет етеди.
Ҳүжжетлерде жасларда бизнес реже дүзиў, стартап жойбарлар таярлаў көнликпелерин қәлиплестириў бағдарында да бир қатар жаңа механизмлерди енгизиў мәселелерине итибар берилген. Атап айтқанда, усы жылдың 1-апрельинде иске қосылатуғын "Жас исбилерменлер" санлы платформасында онлайн тренинглер өткериў режелестирилмекте. Сондай-ақ, платформа жас исбилерменлерге өним ҳәм хызметлер ушын базар табыўдың онлайн майданшасы болады.
Аймақларда шөлкемлестирилетуғын "Жаслар инкубаторы" орайлары болса жаслардың дүньяға көзқарасының өзгериўи, тараў бойынша керекли билим ҳәм көнликпелерге ийе болып, таяр бизнесмен болып жетилисиўине хызмет етеди. Сондай-ақ, бундай орайлар енди жумыс баслаған исбилермен ул-қызларға офис ижараға бериў, бухгалтерия, маркетинг, экспорт базарларына шығыўға байланыслы комплексли хызметлер көрсетеди.
Мақала басында мәмлекетимиз ертерек дәўирде дүньяның ең ири коммерциялық орайларынан бири болғанын атап өткен едик. Ҳәзирги ўақытта исбилерменликти раўажландырыў жолындағы кең көлемли реформалар мәмлекетимиздиң усы абырайын және тиклеўге тийкар жаратады. Жоқарыда талқылаған нормативлик ҳүжжетлерде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы да қайсыдур мәниде мине усы ийгиликли ҳәм жоқары шекке ерисилиўине хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы