Бул баслама аймақлар арасындағы дослық, бирге ислесиў ҳәм өз-ара жәрдем көпирлерин беккемлеўге хызмет етпекте. Бундай бирге ислесиўдиң ең үлгили мысалларынан бири Сурхандәрья ўәлаятының Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районына бириктирилгени болып есапланады.

Тақыятас районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша пуқта ислеп шығылған реже тийкарында ўәлаят ҳәкимлиги, басқарма, уйым ҳәм шөлкем басшылары тәрепинен системалы жумыслар исленбекте. Бул болса Тақыятас районында кең көлемли дөретиўшилик ҳәм жаңаланыўлар дәўирин баслап берди.

Сурхандәрья ўәлаятының Тақыятас районына киргизген инвестициялары район экономикасын беккемлеў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Жәми 30 миллиард сум есабынан бир қатар әҳмийетли экономика объектлери иске қосылды. Жаңа имканиятлар жаратылды.

Атап айтқанда, аўыл хожалығын раўажландырыўда жаңаша қатнаслар тийкарында райондағы 30 шаңараққа 2 миллиард сумға ықшам ыссыханалар қурып берилди. Бул, әсиресе, киши жер участкаларында жоқары өнимдарлыққа ерисиў, шаңарақлық бюджетти беккемлеў ҳәм халықтың аўыл хожалығы өнимлерине талабын қанаатландырыўда әҳмийетли қәдем болды.

Сондай-ақ, 50 шаңараққа тигиў машиналары ҳәм 20 шаңараққа 500 ден шөже шығарыў қуўатлылығына ийе инкубаторлар жеткерип берилди. Бул халықтың исбилерменлик жумысын кеңейтип, дәрамат дәреклерин диверсификациялаў имканиятын береди.

Өндирис ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде "Найманкөл" АПЖда баҳасы 1,5 миллиард сумлық жойбар тийкарында жүннен гилем тоқыў цехы шөлкемлестирилди. Бул цех тек ғана жергиликли халықтың миллий өнерментшилик дәстүрлерин қайта тиклеўге хызмет етип қоймастан, ал жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге де үлкен үлес қосады.

Ўәлаят ҳәкимлигиниң басламасы менен 2024-2025-жыллар инвестициялық бағдарламасы шеңберинде “Surkhon Sandwich” кәрханасы тәрепинен Тақыятаста жойбар баҳасы 7,4 миллиард сумлық тигиў-трикотаж фабрикасы қурылып, 200 жумыс орны жаратылды. Бул да районның экономикалық потенциалын кеңейтип, экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў көлемин арттырыўға, әҳмийетлиси, жүзлеген жасларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўге үлес қоспақта.

"Найманкөл" АПЖда жойбар баҳасы 1,6 миллиард сум болған 50 орынлық нураныйлар шайханасы қурылды ҳәм иске қосылды. Бул жер кексе әўлад ўәкиллери ушын мәдений дем алыў, сәўбетлесиў ҳәм ҳәр қыйлы илажлар өткериў ушын қолайлы шараят болды.

Жаслар ушын заманагөй шараятлар жаратыў мақсетинде "Абат мәкан" АПЖда жойбар баҳасы 2,2 миллиард сумлық "Жаслар бағы"н оңлаў ҳәм амфитеатр қурыў жумыслары орынланып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул заманагөй бағ ҳәм амфитеатр жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериўи, ҳәр қыйлы фестиваллар, концертлер ҳәм мәдений илажлар өткериў ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Баҳасы 1,4 миллиард сум болған жойбар шеңберинде "Тақыятас" ҳәм "Қусшылық" мәкан пуқаралар жыйынларының ҳәкимшилик имаратлары қурып питкерилди. 1,1 миллиард сумға "Найманкөл" АПЖ ҳәм районлық аўыл хожалығы бөлими имараты оңланды.

Халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған ис-ҳәрекетлер шеңбериндеги жумыслар да адамды қуўандырады. Соның ишинде, аўыр шараяттағы 558 үйдиң төбеси оңланды ҳәм авариялық жағдайдағы 4 турақ жай қайта қурылды.

Биргеликтеги жумыслар аўыл хожалығын раўажландырыў бағдарында да даўам етпекте. Жер ресурсларынан үнемли пайдаланыў мақсетинде 400 миллион сумлық инвестиция киргизилди. Нәтийжеде 100 гектар жер аўыл хожалығы пайдаланыўына қайтарылды. 12,3 километр салма тазаланып, 19 километр жаңа жап қазылды.

Социаллық қорғаўға мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаў ушын халық ўәкиллерине 25 компьютер, 68 тигиў машинасы, 20 кепсерлеў ҳәм қурылыс үскенеси, 13 инкубатор ҳәм 5 гөззаллық салонына үскенелер жеткерип берилди. Бул үскенелер оларға өзин-өзи бәнт етиў, киши бизнести жолға қойыўға жәрдем береди.

Тақыятаста келешекте пиллешилик ҳәм бағшылықты раўажландырыў ушын сурхандәрьялылар 7 мың түп тут нәли және 10 мың түп мийўели ҳәм саяманлы нәл отырғызды. Бул нәллер тек ғана экономикалық емес, ал экологиялық мәселелер ушын да жақсы шешим болып есапланады.

Сурхандәрья ҳәм Тақыятас арасындағы бирге ислесиў тек ғана экономикалық ҳәм социаллық жойбарлар менен шекленип қалғаны жоқ. Мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий-әмелий бағдарларда да бирге ислесиў беккемленип бармақта. Еки аймақ арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў, билим ҳәм көнликпелерди бөлисиў турақлылыққа ийе. Мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң өз-ара сапарлары, спорт жарысларының өткерилиўи жаслар арасындағы дослық байланысларын беккемлемекте. Тараў қәнигелериниң өз-ара бирге ислесиўи болса инновациялық идеялар ҳәм жойбарлардың пайда болыўына тийкар жаратпақта. Бундай илажлар халқымыздың аўызбиршилик ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхын арттырып, улыўма раўажланыўға хызмет етпекте.

Сурхандәрья ўәлаятының Тақыятас районына жәрдеми бир ўәлаяттың басқа районға жәрдеми емес, ал жаңа Өзбекстанның ҳәр бир пуқарасы ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға қаратылған мәмлекетлик сиясаттың әмелий көриниси болып есапланады. Бул баслама тек ғана материаллық-техникалық базаны беккемлеп қоймастан, ал адамлардың кеўлинде ертеңги күнге исенимди, жасаўға ҳәм дөретиўшиликке умтылысты арттырады.

Бул бирге ислесиў себепли Тақыятаста жаңа өмир нәпеси есип атыр. Әмелге асырылған жойбарлар районның көринисин түп-тийкарынан өзгертип, оның экономикалық ҳәм социаллық потенциалын арттырмақта.

Зебунисо АЛИМАРДОНОВА,

Демократиялық процесслерди таллаў орайы Сурхандәрья ўәлаяты аймақлық бөлиминиң баслығы