Буған әмел етпеген халықлар тарийх сахнасынан түсип қалғанына мысаллар көп. Себеби тарийхый естеликтиң умытылыўы миллий раўажланыў, еркин турмыс жолы ушын гүреслерди ҳәлсиретеди. Барлық заманлар ушын да әҳмийетли болған бул сабақты умытпаў зәрүр.
Инсаният нешше мың жыллардан берли тыныш-татыў, емин-еркин, өз қәлеўине бола жасаўға умтылады. Ҳәр бир халық миллий раўажланыўға бет бурар екен, тәбийий, усы нийет жолында өзине мақул режелер дүзеди. Мен көрмеген нурларды перзентлерим көреди, олар меннен бахытлы болады, деп ертеңги күнге үмит көзи менен қарайды. Бул үмит әўладлардан әўладларға өтеди. Турмыс, жасаў тәризи жақсыланған сайын инсанның руўхый-турмыслық тилеги артып барады. Бул процесс ҳеш қашан тоқтамайды. Гүрес даўам етеди.
Турақлы өзгерип атырған, гейде өзин-өзи түсинбей де қалып атырған дүньяның бир өзгешелиги сонда, бүгинги қурамалы геосиясий, экономикалық, экологиялық машқалалар тек ғана бир мәмлекет ямаса миллетке тийисли емес. Оларды тек биргеликте, мәсләҳәтлесип, ҳәмме тәрептиң мәплеринен келип шыққан ҳалда шешиў мүмкин.
Соның ушын да Өзбекстан Президентиниң дүнья ҳәм регион мәмлекетлери менен жақсы қоңсышылық, шын кеўилден дослық, туўысқанлық, пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жаңа шериклер есабынан ҳәрекет шеңберин кеңейтиўге байланыслы сиясаты ҳәм бул ҳәрекетлердиң әмелий нәтийжеси елимизди жақын қоңсылар менен бирге дүнья жәмийетшилигине де жаңа социаллық-руўхый көринисте көрсетти.
Уллы алымлар бул жақты әлемде жасаўдың мақсети - үлестириў, деген екен. Буның мәниси сонда, ҳәр бир инсан, ҳәр бир мәмлекет өзине қандай нурларды тилесе, уллы мақсетлерди әрман етсе, басқаларға да соны тилеўи, әмелге асырыўы керек екен. Мәмлекетимиз басшысы әйне усы жолды таңлады. Өзбекстан жақын қоңсылардың күшли болыўынан, турақлы раўажланыўынан мәпдар екенин ашық тән алды.
Ҳеш бир адам бул жақты дүньяға басқа бир инсанға зулым етиў, үйин бузыў, жолын тосыў, байлықларын ийелеп алыў ушын келмейди. Бирақ өмир деген өз сыйлықларын адамлардың нийети, ийман-исеними, ийгиликли ислерине қарап бөлистиретуғын қусайды, әрманларға ерисиўде кимиси озып кетеди, кимиси тәғдир кесилиспелеринде тайсалақлап қалады. Күтилген-күтилмеген қәтелер жүзеге келеди.
Мәмлекетимиз басшысы әйне усы жағдайларға айрықша итибар қаратты. Миллий раўажланыўға ерисиўдиң ҳәр қыйлы жолларынан баратырған регион еллери менен жақсы қоңсышылық байланысларын тиклеўде ҳәр бир тәрептиң екинши тәреп ушын шын кеўилден дос, исенимли бирге ислесиўшиге айланыўын ойлап, бул бағдарда биринши қәдемди қойды. Өзбекстан мысалында бул исенимниң исенимли ҳәм турақлылығын әмелде көрсетти.
Инсан бул жақты әлемге тек ғана жеў-ишиў, шырайлы кийиниў, рәҳәтте жасаў ушын келмейди, әлбетте. Дүньяда сондай қүдиретли мәмлекетлер бар, жер асты ҳәм жер үсти байлықлары, күш-қүдирети есапсыз ҳәм теңсиз. Бирақ өмирде инсан қәлби, сана-сезими, руўхый дүньясы, ийман-исеними, инсап-диянаты деген түсиник ҳәм сезимлер де бар, олардың алдында ҳәр қандай байлық, есап-санақсызлық әззи болып қалыўы мүмкин. Сондай болып атыр. Сиясий, экономикалық келиспеўшиликлерди қураллы күш пенен шешиў ҳәрекетлери келиспеўшиликлерди және де шатақластырып атырғанына бүгин бәршемиз гүўа болып турмыз.
Инсан бул жақты дүньяға не мақсетте келеди, қысқа мүддет жасаўдың мәнис-мазмунын қалай түсиниў керек? Бул сораўларға жуўап табыў аңсат емес. Буған ерисиў ушын өмир қазанында бир өмир қайнаў, узақ өтмиш ҳәм келешекке ой жуўыртып саяхат етиў керек. Бирақ тилимиз, санамызда сондай сөз ҳәм ибаралар бар, олар биз аңламақшы болған мәнисти айнадай анық көрсетип береди.
Аўа, шынында да жасаў - бөлисиў. Яғный материаллық ҳәм руўхый байлықлар ҳәзирети инсан, оның уллы есап-санаққа шекем туўылатуғын перзентлери ушын жаратылған. Олардан ҳәмме пайдаланыўға ҳақылы. Ҳәр бир жутым суў, ҳәр бир қысым топырақ, ҳәр бир демленген ҳаўа - улыўма байлық. Солай екен, инсан бул илаҳий инамлардан пайдаланыўда, бәринен бурын, оларды ысырап етпеўи, қәстерлеп сақлаўы, бир-бири менен бөлисиўи, өзи менен бирге басқалардың да мүтәжлигин ойлаўы зәрүр. Уллылардың "Аўызбиршиликли жасаңлар, бир-бириңизден хабардар болыңлар, ырысқы-несийбе бөлисиңлер, кеңге кең, тарға тар дүнья бул", деген үгитлеринен аңланатуғын уллы мәни усы.
Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Шолпанатадағы рәсмий емес мәсләҳәтлесиўинде қабыл етилген ҳүжжетлер, бул ҳәрекетке Әзербайжанның да қосылыўы бүгин дүньяның оғада айрықша итибарында турған регионымыздың жәмийетлик-сиясий турмысында айрықша әҳмийетли ўақыя екенин атап өтиў зәрүр.
Илаждан бир күн алдын Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны ески өзеклерге қайтыўдың сийрек ушырасатуғын белгиси. Аққан дәрья ақпай қалмас, дегениндей, бул келисим еки мәмлекет арасында неше дәўирлер даўамында бар болған бирлик, татыўлық, дослық-қәдирданлықты бурынғыдан да беккемлеўге хызмет ететуғыны, еки мәмлекет арасындағы өз-ара исеним руўхын беккемлейтуғыны сөзсиз. Даналар айтады: "Егер адамлар бир-бирин мудамы дурыс түсинсе, ҳеш қандай машқала болмас еди".
Буннан бир ҳәпте бурын Бишкек қаласында белгили публицист Қудратилла Рафиқовтың "Шавкат Мирзиёевтиң жолы" китабының қырғыз тилинде басып шығарылыўына бағышланған мәресимде биз - өзбекстанлы зыялылар қырғыз жәмийетшилиги: мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илимпазлар, дөретиўшилер, жаслар Өзбекстанда жүз берип атырған әҳмийетли социаллық процесслер, ҳәўеске туратуғын өзгерислерге оғада қызығып атырғанының гүўасы болдық. Кейинги жыллары еки ел дөретиўшилери, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери арасындағы байланыслар күшейгени айқын сезилип тур. "Жаҳон адабиёти", "Шарқ юлдузи" ҳәм "Ала тоо" журналларында өзбек ҳәм қырғыз жазыўшыларының шығармалары турақлы басып шығарылмақта. Дүньяға белгили "Манас" эпоси өзбек тилинде бир неше мәрте басып шығарылғаны (соңғы басылымы Зуҳриддин Исомиддинов аўдармасында), қырғыз халық жазыўшысы Тугелбай Сидиқбековтың белгили "Көк жалаў" романы, халық жазыўшысы Султан Раевтың роман, повесть, гүрриң ҳәм пьесалары, Марқабай Ааматов, Абибулла Пазилов, Акбар Рисқул, Қиял Таажи, Абдимомун Қалбаевтың қосық ҳәм гүрриңлери өзбек тилине аўдарылып, оқыўшылардың қолына жетип барды. Өзбекстан халық жазыўшысы Хайриддин Султанның жаңа шығармасы "Ала-тоо" журналында жәрияланды. Мәмлекетимиздеги елиў мектепте сабақлар қырғыз тилинде алып барылмақта. Олар бул мағлыўматлардан қуўанышлы болды, "Алпамыс", "Гөруғлы" дәстанларымызды қырғыз тилине аўдарыў нийетлери бар екенлигин мәлим етти.
Юсуф Баласоғун атындағы Қырғыз мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан Миллий университети арасында студентлер алмасыўы тәжирийбеси жолға қойылғаны ҳәр тәреплеме итибарға ылайық. ӨзМУда белгили жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың өмири ҳәм дөретиўшилигин үйрениўге байланыслы экспозиция жумыс алып барып атырғаны, бул жерде көплеген сийрек ушырасатуғын ҳүжжетлер сақланып атырғаны ҳаққында пикирлестик. Алиқул Османов атындағы мәмлекетлик китапханаға өзбек тилинде басып шығарылған китапларды саўға еттик.
Сөйлесиўлер ўақтында бундай байланысларды буннан былай да раўажландырыў, атап айтқанда, Заҳириддин Бабур атындағы Ош мәмлекетлик өзбек академиялық театры ушын кадрлар таярлаў, Өзбекстандағы қырғыз ҳәм Қырғызстандағы өзбек мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери қәнигелериниң ушырасыўын шөлкемлестириў мақсетке муўапық екенлиги айтып өтилди.
Сапарымыз жуўмағында уллы жазыўшы Шыңғыс Айтматов жерленген "Ата Бейит" естелик комплексинде болып, бурынғы аўқам дәўириндеги қанлы репрессия қурбанларын еске алдық. Усы зыярат орнының басшысы, тарийх илимлериниң докторы Болот Абдураҳманов бизге 1937-1953-жыллары Қырғызстанда репрессияға ушыраған мыңға шамалас өзбектиң естелигине бағышланған китапты саўға етти.
1937-1953-жыллары Өзбекстанда совет тоталитар дүзиминиң массалық сиясий репрессиясы нәтийжесинде дерлик 100 мың адам репрессияга ушыраған, олардан 13 мыңнан асламы атып тасланған. Белгили мәмлекетлик ғайраткерлер, дөретиўши зиялылар, диний уламалар репрессиялаўшылардың тийкарғы нышаны болған. Неше мың шаңарақлар Сибир, Қазақстан ҳәм Уралға сүргин етилген. Кейинги жыллары Өзбекстан Жоқарғы суды наҳақтан жәбирленген жүзлеген ўатанласларымызды ақлады.
Бул аянышлы репрессия Қырғызстанда да аяўсыз өткерилген. Бүгин еки мәмлекеттиң тарийхшы илимпазлары, әдебиятшылары наҳақтан қамалғанлардың естелигин тиклеў, илимий-ағартыўшылық мийрасын үйрениў, жаңа әўлад тәрбиясында олардан пайдаланыў бағдарында ибратлы жумысларды ислемекте. Шолпанатада қол қойылған Аўқамласлық шәртнамасы еки мәмлекет арасындағы экономикалық, илимий, әдебий-мәдений байланысларға да жаңаша пәт бағышлайтуғыны сөзсиз.
Аҳмаджон МЕЛИБОЕВ,
“Жаҳон адабиёти” журналы бас редакторы