Биринши Өзбекстан-Словения парламентлераралық форумын Самарқанд қаласында өткериў усыныс етилди

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Словения Республикасына рәсмий сапары шеңберинде Словения Миллий ассамблеясының Баслығы Уршка Клакочар-Зупанчич пенен ушырасыў өткерди.

    Өзбекстан менен Словения арасындағы көп қырлы қатнасықларды, соның ишинде, еки мәмлекет парламентлери дәрежесинде буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

    Кейинги жылларда парламентлераралық алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясында Словения Миллий ассамблеясы комиссиясының баслығы Предраг Бакович қатнасты. Еки мәмлекет парламентлеринде "дослық топарлары" шөлкемлестирилген.

    Биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў ушын тараўлық комитетлер дәрежесинде парламентлераралық бирге ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Буннан тысқары, гуманитарлық бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўда, соның ишинде, мәденият ҳәм кино күнлери, көргизбелер өткериў, жоқары билимлендириў мәкемелери арасында академиялық алмасыўларды раўажландырыўда парламентлердиң жәрдеми зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Сондай-ақ, халықаралық парламент шөлкемлери шеңберинде басламаларды муўапықластырыў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў күшейтиледи.

    Биринши Өзбекстан-Словения парламентлераралық форумын депутатлар ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң қатнасыўында Самарқанд қаласында өткериў усыныс етилди.

    Парламентлер арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша биргеликтеги "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates