Суўық ҳаўа ағымы нәтийжесинде айырым аймақлардағы автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшаларының (газ заправкалары) жумысына киргизилип атырған қысқа мүддетли шеклеў мүнәсибети менен биржа саўдаларына шығарылып атырған автобензин көлеми ўақтынша еки есеге арттырылады.
Оның ушын барлық аймақларда зәрүр муғдарда резервлер жаратылған.
Талап ҳәм усынысқа қарап биржа саўдаларына жайластырылып атырған автобензин көлемин буннан былай да арттырыў имканияты бар екенлиги мәлим етиледи.
Тутыныўшылардың автобензинга болған талабын толық қанаатландырыў мәселеси мәмлекетлик қадағалаўға алынған.
Соны айрықша атап өтиў керек, усы гүзги-қысқы мәўсимде мәмлекет халқын автобензин менен зәрүр муғдарда ҳәм үзликсиз тәмийинлеў бойынша барлық зәрүр илажлар көрилген.
Жеке меншик автозаправкалардың ийелерине баҳаларды жасалма түрде көтерилиўи, автобензинди сапа ҳәм муғдар жағынан дурыс сатыўы соралды.
Ҳәзирги ўақытта жумысшы топарлар тәрепинен орынларда қадағалаў илажлары даўам еттирилмекте. Баҳалардың тийкарсыз түрде көтерилиўине жол қойылмайды.