АИ-80 маркалы бензин жанылғысынан не ушын ўаз кешириў керек?

    21 қаңтар 2025 1173

    АИ-80 маркалы бензиннен пайдаланыў атмосферада патасландырыўшы затлар ҳәм аўыр металлардың топланыўына алып келеди.

    "Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы жойбарында 2025-жылдың ақырына шекем "Евро-4" стандартынан төмен экологиялық категориядағы мотор жанылғысынан пайдаланыўды ҳәм сатыўды шеклеў усыныс етилмекте.

    2024-жылдың 29-январь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2024-жылы турақ жай, қурылыс, коммуналлық хожалық, транспорт ҳәм экология тараўларында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде 2025-жылдан АИ-80 маркалы бензиннен ўаз кешиў мәселесин толық шешиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырма берилди.

    Әҳмийетлилиги

    Бүгинги күнде республикамызда транспорт қуралларының саны кескин артып бармақта. Транспорт қураллары санының өсиўи республика, әсиресе, Ташкент қаласында, атмосфера ҳаўасының патасланыўына, денсаўлық пенен байланыслы машқалалардың көбейиўине, сондай-ақ, қалаларда шаң, зыянлы газлер ҳәм түтин муғдарының артыўы менен байланыслы халықтың мүрәжатларының көбейиўине себеп болмақта.

    Халықаралық статистикалық мағлыўматларға қарағанда, дүнья көлеминде атмосфера ҳаўасына шығарылып атырған патасландырыўшы элементлердиң 59 проценти транспорт қураллары, 21 проценти санаат кәрханалары ҳәм 20 проценти электр энергиясын ислеп шығарыў үлесине туўра келеди.

    АИ-80 маркалы бензиннен пайдаланылғанда атмосфераға карбонат ангидрид, азот оксидлери, күкирт диоксиди, углеводородлар ҳәм ПМ2.5 патасландырыўшы элементлери басқа түрдеги мотор жанылғыларына қарағанда көбирек тасланады. АИ-80 маркалы бензиннен пайдаланыў атмосферада патасландырыўшы затлар ҳәм аўыр металлардың топланыўына алып келеди.

    Әмелиятқа енгизилиўи

    Жойбарда 2025-жылдың ақырына шекем "Евро-4" стандартынан төмен экологиялық категориядағы мотор жанылғысынан пайдаланыў ҳәм сатыўды шеклеў алға қойылған. Сондай-ақ, республиканың ири қалаларында, соның ишинде, Ташкент қаласында автотранспорт қуралларынан шығатуғын патасландырыўшы элементлер муғдарының кескин артыўы ҳәм атмосфера ҳаўасының патасланыўының алдын алыў мақсетинде 2025-жыл 1-марттан АИ-80 маркалы бензин жанар майын бажыхана рәсмийлестириўден өткериў ҳәм "еркин айланыс (импорт) ушын шығарыў" бажыхана режимине жайластырыўды қатаң қадаған етиў усыныс етилмекте.

    Қалаберсе, 2026-жыл 1-январьдан республикада шөлкемлестириў структурасына қарамастан АИ-80 маркалы бензин жанылғысын ислеп шығарыўды қадаған етиў мақсетке муўапық.

    Халықаралық тәжирийбе

    Европа Аўқамы мәмлекетлери "ЕВРО" стандартлары арқалы автомобиль жанар майының сапасын қатаң қадағалайды. 2005-жылы енгизилген ЕВРО-4 стандарты АИ-80 сыяқлы төмен сапалы жанылғыдан пайдаланыўды қадаған етеди. Эфиопия 2024-жыл январь айында бензин ҳәм дизель жанылғысындағы транспорт қуралларын импорт етиўди қадаған еткен. Бул қарар мәмлекеттиң жанылғы импортына жумсалатуғын қәрежетлерин азайтты ҳәм қоршаған орталыққа унамлы тәсир көрсетти.

    Чили ҳәм АҚШ бензинли автомобиллерди сатыўды 2035-жылға шекем тоқтатыўды режелестирген, бул қарар қоршаған орталықты қорғаў ҳәм углерод шығындыларын азайтыў мақсетинде қабыл етилген. ҒМДА мәмлекетлеринде болса (Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан, Қазақстан) АИ-80 бензини ҳәм басқа да төмен октанлы жанылғылардан пайдаланыў қадаған етилген, сондай-ақ, жоқары октанлы бензин маркаларына өтиў ҳәм электр транспорт қуралларын импорт етиў ушын салық жеңилликлери берилген.

    Қандай пайда береди?

    АИ-80 маркалы бензин жанылғысынан ўаз кешиў нәтийжесинде транспорт қуралларынан атмосфера ҳаўасына тасланып атырған патасландырыўшы элементлердиң көлеми кескин азайып, тек ғана ҳаўа сапасы сезилерли дәрежеде жақсыланбай, ал халықтың саламатлығы беккемленеди, қоршаған орталықты қорғаў күшейеди. Сондай-ақ, экологиялық таза транспорт технологияларының енгизилиўи экономиканың инновациялық раўажланыўына түртки болып, жаңа жумыс орынларының жаратылыўы ҳәм халықаралық экологиялық стандартларға муўапық қәдем таслаў имканиятын береди. Бул өз гезегинде мәмлекеттиң халықаралық майдандағы экологиялық абырайын арттырады.