Бул ҳаққында "Өзбекнефтгаз" АЖ Мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, АI-92 маркалы автобензин баҳасын басқышпа-басқыш төменлетиў жумыслары алып барылмақта.
Атап айтқанда, Бухара НҚИЗда ислеп шығарылған АI-92 маркалы автобензинниң биржа саўдаларындағы 1 тоннасының басланғыш баҳасы биринши басқышта 12 млн 881 мың сумнан 12 млн 628 мың сумға түсирилди. Бул болса өз гезегинде, 1 литр АI-92 маркалы автобензинниң биржадағы басланғыш баҳасы 9 400 сум дегени.
Бул тек ғана тутыныўшылар ушын қолайлы баҳа емес, ал пүткил базарға унамлы тәсир етеди.




