"Бирлик-2025": биргеликтеги шынығыўлардың мақсет ҳәм ўазыйпалары табыслы әмелге асырылмақта

    19 қазан 2025 690

    Орайлық әскерий округтиң "Каттақўрғон" полигонында "Бирлик - 2025" биргеликтеги аймақлық оқыў шынығыўлары даўам етпекте. Манёврларда Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Әзербайжан ҳәм Қырғызстан Республикасы қорғаныў министрликлериниң бөлимлери қатнаспақта.

    Әскерий хызметкерлер биргеликте урыс жүргизиўдиң заманагөй усылларын үйренип, белгиленген ўазыйпаларды әмелий тәризде орынламақта. Ҳәр бир оқыў орнында жаўынгерлик ҳәрекетлердиң жаңа түрлери моделлестирилип, үйренилмекте.

    Тактикалық, байланыслылық ҳәм әскерий-медициналық таярлықлар шеңберинде бөлимшелер тәжирийбе алмасып, нышанды тез ҳәм нәтийжели урыў бойынша анық ҳәм исенимли ҳәрекетлерди көрсетеди.

    Буннан тысқары, шынығыўлар даўамында бир қатар жарыслар өткерилди. Қатнасыўшылар "Тактик атыўшы" ҳәм "Сарбан" таңлаўларында профессионаллық, шеберлик ҳәм физикалық таярлығын көрсетти.

    Биргеликтеги таярлықтың дәслепки күнлеринен-ақ өз нәтийжесин берди: әскерий хызметкерлердиң билим дәрежеси, жаўынгерлик тәжирийбеси ҳәм үйрениўи сезилерли дәрежеде артып бармақта. Бундай жетискенликлер соңғы жылларда Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, халықаралық әскерий бирге ислесиўдиң раўажланып атырғаны нәтийжеси екени атап өтилди.

    Шынығыўлар қатнасыўшы мәмлекетлер армияларының өз-ара бирге ислесиўин беккемлеў ҳәм жаўынгерлик таярлығын арттырыўға қаратылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.

    Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates