"Бирлик-2025": Өзбекстанда бес мәмлекет қатнасыўында кең көлемли әскерий шынығыўлар басланды

    16 қазан 2025 2832

    2025-жыл 15-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Орайлық әскерий округиндеги "Каттақўрғон" полигонында Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Әзербайжан қорғаныў министрликлери бөлимлериниң қатнасыўында кең көлемли әскерий шынығыўлар басланды.

    14-октябрь күни болып өткен "Бирлик - 2025" регионаллық биргеликтеги шынығыўының салтанатлы ашылыў мәресими Өзбекстан Қорғаныў министрлигиниң халықаралық әскерий бирге ислесиў шеңбериндеги ең ири илажларынан бири болды.

    Кейинги жыллары Өзбекстан халықаралық әскерий бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында сезилерли жетискенликлерге еристи, биргеликте таярлық көриў, тәжирийбе алмасыў, әскерий-техникалық тараўда шерикликти кеңейтиў ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша бир қатар келисимлерге қол қойылды.

    "Бирлик - 2025" шынығыўларының тийкарғы мақсети мәмлекетлер арасындағы исенимди беккемлеў, әскерий бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, глобаллық геосиясий кескинлик ҳәм жаңа қәўип-қәтерлер пайда болып атырған шараятта нәтийжели бирге ислесиўди қәлиплестириўден ибарат.

    Шынығыўлар даўамында қатнасыўшылар биргеликте заманагөй урыс усылларынан пайдаланған ҳалда оқыў-жаўынгерлик ўазыйпаларды орынлайды. Артиллерия, бронетехника, ушыўшысыз ушыў аппаратлары ҳәм узақ аралықлардағы нышанды урыўға уқыплы болған басқа да қурал-жарақлар тартылады.

    Буннан тысқары, әскерий хызметкерлер жаўынгерлик таярлық көнликпелерин арттырады, әскерий өнердиң алдынғы усылларын қолланады, ҳәр қыйлы жарысларда қатнасады, тарийхый Самарқанд қаласында болып, өзбек халқының бай мәдений мийрасы, дәстүр ҳәм үрп-әдетлери менен танысады.

    Шынығыўлар шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан қорғаныў министрлериниң биринши ушырасыўы да болып өтеди.

    Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти

    Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates