Резолюцияның жәрдемши авторлары 80 нен аслам мәмлекет болып, олар дүняның барлық регионларын, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлерин, Әзербайжан, Россия, Бразилия, Австрия, Германия, Финляндия, Португалия, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, БАА, Қатар, Бахрейнди өз ишине алады.

Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийкарғы басламалары, соның ишинде, "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" бағдарламасы, "Жасыл мәкан" миллий жойбары ҳәм "Орайлық Азия Жасыл белбеў" терек егиў акциясы тийкарында жаратылған.

Резолюция 2027-2036-жылларды Тоғайзарластырыў ҳәм Тоғай тиклеў Ҳәрекетлер Декадасы деп жәриялайды, күш ҳәм ресурсларды мобилизациялаўға шақырады, сондай-ақ, мәмлекетлер ҳәм шөлкемлерди тийисли илажларды күшейтиўге усыныс етеди.