Ҳүжжетке Экология министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының "Nature Hub" директоры Мидори Пакстон Ар-Риёдта өтип атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүресиў ҳаққындағы конвенциясы (UNCCD) Тәреплер конференциясының (COP16) 16-сессиясы шеңберинде қол қойды.
Жойбар Өзбекстанға NBSAP ларды жақында келисилген Биологиялық ҳәр түрлилик бойынша Кунминг-Монреал глобаллық бағдарламасына муўапықластырыў ҳәм Биологиялық ҳәр түрлилик ҳаққындағы конвенция ҳәм Биологиялық ҳәр түрлилик бойынша Кунминг-Монреал глобаллық бағдарламасының миллий дәрежеде нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын оларды қайта көрип шығыў ҳәм жаңалаўда қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
Буннан тысқары, жойбар бул ҳүжжетлерди әмелге асырыў бойынша 7-Миллий есабатты таярлаў ҳәм усыныўда республикамызға жәрдем береди. 2024-жылдың ноябринен 2027-жылдың 30-июлине шекем әмелге асырылыўы режелестирилген.
Мағлыўмат ушын, 2023-2024-жылларда БМШРБ Өзбекстанға биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў бойынша жаңа миллий мақсетлерди белгилеўде жәрдем көрсетти. Өзбекстан Орайлық Азияда миллий мақсетлерди БМШтың Биологиялық ҳәр қыйлылық ҳаққындағы конвенциясы шеңберинде рәсмий түрде басып шығарған биринши мәмлекетке айланды.