Оған бола, жаўын ҳәм ақаба суўлардан және суўды үнемлейтуғын технологиялардан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған заманагөй суўғарыў системасы жолға қойылады. Системаны 32 қалада 64 мәҳәлледе шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Әмелге асырыў механизми
Жойбарға бола, жаўын ҳәм ақаба суўдан пайдаланыўдың техникалық ҳәм гигиеналық стандартлары ислеп шығылады. Тәжирийбе сыпатында 500 квадрат метрден аслам көп қабатлы турақ жайлар, жаңадан қурылып атырған имарат ҳәм социаллық тараў объектлеринде жаўын суўын жыйнаў сынақтан өткериледи. Сондай-ақ, санаат ҳәм өндирис кәрханаларында жаўын ҳәм ақаба суўларды жыйнаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў жолға қойылады.
Буннан тысқары, "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде қурылып атырған жасыл аймақларда ("Жасыл бағ", "Жасыл жәмийетлик дем алыў бағлары" ҳәм "Жасыл қапламалар") және көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақларда егилген терек ҳәм путаларды суўғарыўда заманагөй системадан пайдаланылады.
Абзаллықлары
Кислота ҳәм силтиниң нейтрал балансына ийе, микроэлемент ҳәм кислородқа бай жаўын суўы жайлардың төбесинен пластикалық ыдысларға жыйналып барады. Ыдыслар суўды узақ ўақыт сақлаў ушын жер астына жайластырылады. Соң насослар менен тамшылатып суўғарыў системасы арқалы нәллерди суўғарыўға бағдарланады. Ҳәр бир үйде жылына 20-40 тонна жаўын суўын жыйнаў есабынан 30 дан 60 ға шекемги тереклерди суў менен тәмийинлеў имканияты жаратылады.
Халықаралық тәжирийбе
Бүгинги күнде бир қатар сырт мәмлекетлерде жаўын суўларынан нәтийжели пайдаланыў жолға қойылған. Соның ишинде, Түркияда 2 мың квадрат метрден аслам көп қабатлы турақ жайлар ҳәм жаңадан қурылып атырған имаратларда жаўын суўын жыйнаў тәртиби белгиленген. Германиядағы Франкфурт аэропортында болса жыйналған жаўын суўы аэропорттың көклемзарластырылған аймақларының 60 процентин суўғарыў ҳәм техникалық суўдың орнын қаплаў имканиятын береди.
Қалаберди, Ҳиндстанда да жаўын суўларынан суўғарыў мақсетлеринде кең пайдаланылады.
Күтилип атырган нәтийжелер
Заманагөй суўғарыў системасы мәмлекетте "жасыл майдан"ларды сезилерли көбейтиўге, оларды турақлы сақлаўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы, санаат ҳәм турмыслық тараўда пайдаланылған ақаба ҳәм шығынды суўларын тазалап, қайта пайдаланыўға киргизиў илажларын көриў өз гезегинде суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырады.








