Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигинде министр Азиз Абдуҳакимов Қытай Халық Республикасы Илимлер академиясының вице-президенти, профессор Хе Хунпин менен ушырасты.
Сөйлесиўлер даўамында тәреплер экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын додалады.
Ушырасыўда 2024-жыл январь айында қол қойылған Қоршаған орталықты қорғаў бойынша Ҳүкиметлераралық келисим шеңберинде ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўына айрықша итибар қаратылды. Турақлы бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги илимий-әмелий басламаларды кеңейтиўдиң әҳмийети атап өтилди. Олардан бири - Арнасай, Кармана, Муборак, Қаракөл ҳәм Нөкис районларында галофит өсимликлер бағларын жаратыў, Өзбекстан Тоғай хожалығы агентлигине 1,4 тонна туқым жеткерип бериў, сондай-ақ, патасланыў дәрежесин мониторинг етиў ушын санлы системаларды енгизиў ҳәм қытайлы қәнигелердиң "Жасыл мәкан" улыўма миллий басламасын әмелге асырыўда қатнасыў сыяқлы жойбарлар да бар еди.
Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Қытай Илимлер академиясының Синсзян экология ҳәм география институты (CAS XIEG) арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды. Ҳүжжетке Азиз Абдуҳакимов ҳәм CAS XIEG бас директоры, профессор Чжан Юанмин қол қойды.
Меморандумға бола, тәреплер Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети («Green University») тийкарында Орайлық Азия экология ҳәм қоршаған орталықты үйрениў илимий-изертлеў орайын (Tashkent Headquarter) шөлкемлестириў бойынша келисип алды. Орай Орайлық Азия регионында илимий изертлеўлер, қәнигелерди таярлаў, технологиялар ҳәм тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, "жасыл" ҳәм турақлы раўажланыўды үгит-нәсиятлаў ушын платформа болады.
Ҳүжжетте бирге ислесиўдиң кең көлемли бағдарларын әмелге асырыў нәзерде тутылған: илимий конференциялар ҳәм семинарлар өткериў, биргеликтеги изертлеўлер ҳәм басылымлар таярлаў, лабораторияларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, әмелий жойбарларды жолға қойыў ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў.
Меморандум Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы экологиялық бирге ислесиўди тереңлестириў, глобаллық климат машқалаларына нәтийжели гүресиў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болды.








