Сенатта Өзбекстанның Орхус конвенциясына қосылыўы ҳаққындағы Нызам жойбары қабыл етилди

    5 ақпан 2025 768

    Олий Мажлис Сенатының гезектеги мәжилисинде "Қоршаған орталық пенен байланыслы мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасы ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы Конвенцияға (Орхус, 1998-жыл 25-июнь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында"ғы Нызам жойбары көрип шығылды.

    Атап өтилиўинше, бул Конвенция инсанның саламат қоршаған орталыққа болған ҳуқықларын қорғаўға қаратылған әҳмийетли халықаралық ҳүжжет есапланады. Конвенцияның тийкарғы принциплери Өзбекстанның миллий экологиялық стратегиясы менен сәйкес келеди. Мәмлекетимиздиң усы конвенцияға қосылыўы турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге жәрдем береди ҳәм төмендеги ҳуқықларды кепиллейди:

    - пуқаралардың мәмлекетлик уйымларда бар болған экологиялық мәлимлемени алыў ҳуқықы;
    - пуқаралардың қоршаған орталықтың жағдайына тәсир етиўи мүмкин болған, хожалық жумысы менен байланыслы болған реже ҳәм бағдарламалар, стратегиялар ҳәм нызам ҳүжжетлерин таярлаўда қатнасыў ҳуқықы;
    - пуқаралардың мәлимлемеден пайдаланыў ямаса жәмийетшиликтиң қатнасыўына байланыслы ҳуқықлары бузылған жағдайларда оларды судта көрип шығыў процесслеринде қатнасыў ҳуқықы.

    Конвенцияға қосылыў қоршаған орталық тараўындағы миллий нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўдың заманагөй системасын раўажландырыў ушын тийкар болады. Қалаберди, Өзбекстанның демократиялық раўажланыўы ҳәм экологиялық қәўипсизликке болған ҳәрекетлерин жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етип, халықаралық майдандағы позициясын және де беккемлейди.

    Мағлыўмат ушын, 2024-жылдың 14-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде бул нызам жойбары биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шығылған ҳәм қабыл етилген. Нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-октябрьдеги "2030-жылға шекемги дәўирде қоршаған орталықты қорғаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы 5863-санлы Пәрманы ҳәм 2023-жыл 31-майдағы "Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы 171-санлы қарарына тийкарланып ислеп шығылған.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates