Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлигиниң Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлаў ҳаққындағы Конвенция (CMS) қатнасыўшыларының 14-конференциясына басшылығы шеңберинде CMS секретариаты менен биргеликте Берлин қаласында жаңа мәмлекетлерди Конвенцияға тартыўға қаратылған жоқары дәрежедеги илаж шөлкемлестирилди.
Илажда қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекеттиң миллий ҳәм халықаралық көлемдеги стратегиясы таныстырылды. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов CMS конвенциясына жаңа мәмлекетлердиң қосылыўы әҳмийетли екенлигин атап өтип, Өзбекстан басшылығы дәўиринде (2024-2026-жыллар) шөлкемге ағза болыўдан мәпдар мәмлекетлерге зәрүр жәрдем көрсетиўге таяр екенин билдирди.
Эми Франкел өз гезегинде Өзбекстанның көшип жүриўши түрлерди қорғаў басламасын алға қойыўдағы жетекши ролин атап өтип, Самарқандта болып өткен Конвенция қатнасыўшыларының 14-конференциясында қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, ол қатнасыўшы мәмлекетлерге экологиялық басламаларды нәтийжели әмелге асырыўға жәрдем беретуғын стратегиялық ҳүжжетлерге тоқтап өтти.
Қатнасыўшыларды Өзбекстанда болып өтетуғын төмендеги халықаралық илажларға мирәт етиў ушырасыўдың әҳмийетли бөлеги болды:
Биринши Самарқанд ықлым форумы (2025-жыл 4-5-апрель);
“Eco Expo Central Asia” экологиялық технологиялар халықаралық көргизбеси (2025-жыл 3-5-июнь);
CITES Конвенциясы қатнасыўшылары конференциясының 20-мәжилиси (2025-жыл 24-ноябрь - 5-декабрь).
Өзбекстан глобаллық экологиялық күн тәртибине садықлығын және бир мәрте тастыйықлап, халықаралық жәмийетшиликти тәбиятты қорғаў ҳәм жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлериниң турақлы келешегин тәмийинлеў бойынша биргеликте илаж көриўге шақырады.








