Әсиресе, мәмлекетимизди модернизациялаў ҳәм демократиялық реформаларды тереңлестириўге қаратылған реформалар процесинде алға қойылған социаллық мәмлекет моделин айрықша атап өтиў зәрүр.
Себеби, Президентимиздиң атап өткениндей, "Социаллық мәмлекет бул, бәринен бурын, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын тең имканиятлар, адамлар мүнәсип турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, дегени".
Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямызда бул принцип беккемлениўи нәтийжесинде инсан қәдирин улығлаў, ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған жумыслардың көлеми және де кеңеймекте. Әсиресе, "Адамлар ертең ямаса узақ келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек", деген мақсет тийкарында социаллық мәмлекеттиң тийкарғы мәниси - халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, Президентимиздиң усы жыл 17-январьдағы "2025-жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында"ғы қарары тийкарында халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў бағдарламасы тастыйықланды. Бағдарламаға бола, быйыл инвестициялық жойбарлар есабынан дерлик 290 мың, турақлы жумысқа жайластырыў ҳәм исбилерменликке тартыў арқалы 3,6 миллионға шамалас, аўыл хожалығында дерлик 1,2 миллион, қурылыста 168,5 мыңнан аслам, жәми 5 миллион 200 мыңға шамалас халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў нәзерде тутылған. Олардың есабын жүргизиў ҳәм ҳақыйқыйлығын тәмийинлеў мақсетинде министрлик тәрепинен “yangiish.mehnat.uz” электрон бағдарламасы иске қосылды.
Усы жылдың биринши ярымында халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў бойынша үлкен қәдемлер тасланды. Атап айтқанда, январь-июнь айлары даўамында 3 миллион пуқара жумыс пенен тәмийинленди. Бул режеден дерлик 400 мыңға көп.
Бул нәтийжелерге ерисиўде, биринши гезекте, банклер менен бирге ислесиў ҳәм елимиздиң ҳәр қыйлы аймақлары бойынша қәлиплескен тәжирийбелердиң нәтийжеси үлкен роль ойнады. Мәселен, банклер менен биргеликте 1 миллион 780 мың пуқара жумысқа жайластырылды ямаса өз бизнесин баслаў имканиятына ийе болды. Олардан 661 мыңы турақлы жумысқа жайласты, 1 миллионнан асламы болса исбилерменлик жумысын баслады.
Уйчи тәжирийбеси шеңберинде банклер 63 мың шаңараққа кирип барды. Ол жерде анықланған 61 мыңнан аслам машқала шешилди. Бул әпиўайы сан емес, ал ҳәр бир шаңарақтағы реал машқаланың шешимин аңлатады.
Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында болса 227 мың микрожойбар иске қосылды. Нәтийжеде 464 мың адамның дәраматы артты. Ямаса Зарбдор тәжирийбесин алайық. 487 ири жойбар тийкарында 19 мың жумыс орны жаратылды. Демек, мине, усы тәжирийбениң нәтийжеси орташа есапта 60 мың ўатанласымыздың турмысында унамлы өзгерислер иследи, турмысына абаданлық, кеўиллерине бүгинги жасап атырған күнинен разылық, ертеңги күнге исеним сезимин алып кирди.
Биз тек ғана жумыс орнын жараттық емес, ал адамлардың өз дәраматын кепилликли алыўы ушын шараят та таярладық. Мәселен, 77 мың шаңараққа жылына 60-70 миллион сум дәрамат келтиретуғын жойбар пакетлери берилди.
Буннан тысқары, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде 63,6 триллион сум кредит ажыратылды. Олардың үлкен бөлеги шаңарақлық ҳәм киши бизнеске қаратылған. Жаслар, ҳаял-қызлар, мийнет миграциясынан қайтқанлар ҳәм майыплығы болған пуқаралар да бул бағдардағы жумысларымыздың орайында болды. 163 мың адам кәсип-өнерге оқытылды. Бул бир қарағанда сан, ал негизинде жүз мыңлаған тәғдирлер ушын жаңа имканият дегени.
Сондай-ақ, рәсмий емес жумыс ислеп атырғанлардың мийнети рәсмийлестирилди. Мийнет инспекциясы 5,5 мыңнан аслам кәрхананы үйренип, дерлик 44 мың жумыс орнын рәсмий жағдайға өткерди.
Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысы айтқанындай, "2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады". Себеби быйыл 5 миллион 200 мың халықты дәраматлы мийнет пенен бәнт етип, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў есап-санақ етилген.
Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында кейинги жылларда ерисилген нәтийжелер тек ғана өзимизде емес, ал қоңсы мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен тән алынбақта. Негизинде кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында жүдә қысқа ўақытта Өзбекстан қолға киргизген нәтийжелер шын мәнисинде тән алыўға ылайық. Атап айтқанда, елимизде кәмбағаллық дәрежеси 2021-жылдағы 17 проценттен 2023-жылы 11 процентке азайған болса, 2024-жылдың жуўмағы менен 8,9 процентке түсирилди. 2017-жылы бул көрсеткиш 30 проценттен жоқары еди.
Бүгинги күнде 625 мыңнан аслам шаңарақ "кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген. Олар менен мәнзилли исленди. Жаңа жумыс орны, кәсип-өнер, кредит, жер майданы - ҳәр бир шаңарақ ушын индивидуал қатнас тәмийинленди.
Биринши ярым жыллықта оларға 543 мың хызмет көрсетилди. 295 мың адам жумысқа жайластырылды, 235 мыңы бизнеске киргизилди.
Жуўмақлап айтқанда, 2025-жылдың биринши ярымында исленген жумыслар, ерисилген нәтийжелер тек ғана санлар емес, ал ҳәр бири итибарға, жәрдемге ямаса қоллап-қуўатлаўға мүтәж инсанлардың турмысындағы өзгерислер болып есапланады. Халықты жумыс пенен тәмийинлеў арқалы тек ғана экономикалық емес, ал социаллық турақлылыққа да ерисилиўин есапқа алсақ, бул бағдардағы жумыслар ҳәм биз жоқарыда келтирип өткен айырым санлардың қаншелли үлкен ҳәм әҳмийетли екенин түсиниў қыйын емес. Ең әҳмийетлиси, бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттириледи.
Алишер МУРОДОВ,
кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң орынбасары






