Пәрманға тийкарланып, мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери төмендегилер етип белгиленди:
- 2030-жылға шекем Жәҳән банкиниң Логистика нәтийжелилиги индексинде (LPI) бажыхана рәсмийлестириўи нәтийжелилиги көрсеткиши бойынша Өзбекстан Республикасының орнын 55-дәрежеден төмен болмаған дәрежеге көтериў;
- 2026-жылға шекем бажыхана декларацияларын инсан факторысыз рәсмийлестириў үлесин 2 есеге арттырыў;
- 2028-жылға шекем бажыхана тексериўин 21 проценттен 15 процентке түсириў;
- 2030-жылға шекем жасалма интеллект элементлеринен пайдаланған ҳалда қәўипти басқарыў системасының нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў.
Сыртқы экономикалық жумыста төмендеги қолайлықлар жаратылады:
2025-жыл 1-июльден:
- ветеринария ҳәм фитосанитария тараўында сыртқы саўда жүклерине тийисли ҳәр қандай ҳүжжетлерге мөр ҳәм штамп қойыў және оларды жазба түрде дизимге алыў әмелияты бийкар етиледи, барлық тәртип-қағыйдалар усы ҳүжжетлерди электрон түрде тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады (товарлар экспортында халықаралық шәртнамаларда қатаң белгиленген жағдайлар буған кирмейди).
2025-жыл 1-сентябрьден:
- исбилерменлик субъектлерине бажыхана төлемлери ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи ушын басқа түрдеги төлемлерди республиканың қәлеген аймағынан әмелге асырыў имканияты жаратылады, буның ушын бирден-бир ғазна есап бети ашылады.
2025-жыл 1-декабрьден:
- бажыхана аймағында ямаса аймағынан тысқарыда қайта ислеў режимлеринде бажыхана жүк декларацияларын әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестириў имканиятын беретуғын "Толлинг операциялары" модули әмелиятқа енгизиледи.
2025-жыл 1-ноябрьден:
- өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде жолаўшы бажыхана декларациясының мобил қосымшасы әмелиятқа енгизиледи.