Пәрманға тийкарланып, мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери төмендегилер етип белгиленди:

  • 2030-жылға шекем Жәҳән банкиниң Логистика нәтийжелилиги индексинде (LPI) бажыхана рәсмийлестириўи нәтийжелилиги көрсеткиши бойынша Өзбекстан Республикасының орнын 55-дәрежеден төмен болмаған дәрежеге көтериў;
  • 2026-жылға шекем бажыхана декларацияларын инсан факторысыз рәсмийлестириў үлесин 2 есеге арттырыў;
  • 2028-жылға шекем бажыхана тексериўин 21 проценттен 15 процентке түсириў;
  • 2030-жылға шекем жасалма интеллект элементлеринен пайдаланған ҳалда қәўипти басқарыў системасының нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў.

Сыртқы экономикалық жумыста төмендеги қолайлықлар жаратылады:

2025-жыл 1-июльден:

  • ветеринария ҳәм фитосанитария тараўында сыртқы саўда жүклерине тийисли ҳәр қандай ҳүжжетлерге мөр ҳәм штамп қойыў және оларды жазба түрде дизимге алыў әмелияты бийкар етиледи, барлық тәртип-қағыйдалар усы ҳүжжетлерди электрон түрде тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады (товарлар экспортында халықаралық шәртнамаларда қатаң белгиленген жағдайлар буған кирмейди).

2025-жыл 1-сентябрьден:

  • исбилерменлик субъектлерине бажыхана төлемлери ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи ушын басқа түрдеги төлемлерди республиканың қәлеген аймағынан әмелге асырыў имканияты жаратылады, буның ушын бирден-бир ғазна есап бети ашылады.

2025-жыл 1-декабрьден:

  • бажыхана аймағында ямаса аймағынан тысқарыда қайта ислеў режимлеринде бажыхана жүк декларацияларын әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестириў имканиятын беретуғын "Толлинг операциялары" модули әмелиятқа енгизиледи.

2025-жыл 1-ноябрьден:

  • өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде жолаўшы бажыхана декларациясының мобил қосымшасы әмелиятқа енгизиледи.