Балалар миллий медицина орайында жаңа хирургиялық емлеў өткерилди

    Өзбекстан тарийхында биринши мәрте ангиоваскуляр усылда абернетти синдромына қарсы хирургиялық емлеў өткерилди.

    Қәнигелердиң пикиринше, бул синдром жүдә сийрек ушырасатуғын ҳәм балаларда аўыр ақыбетлерге себеп болатуғын кеселлик болып есапланады. Бул жағдайда баўырға келиўи керек болған қан жүрекке бағдарланады ҳәм нәтийжеде баўыр қан тәмийинаты бузылады, ол өз ўазыйпасын толық орынлай алмай қалады.

    Самарқанд қаласындағы 3 айлық нәрестеде усы кеселлик анықланғаннан соң, Балалар миллий медицина орайының шыпакерлери тәрепинен ол ҳәр тәреплеме тексериўден өткерилди ҳәм зәрүр емлеў усылы ислеп шығылды.

    Баўырдың қан айланыўын тиклеў ҳәм кеселликти сапластырыў, әҳмийетлиси, баланың өмирин сақлап қалыўға қаратылған бул усыл тийкарында оғада аз ушырасатуғын кеселлик табыслы емленди.

    Ҳәзирги ўақытта наўқас шыпакерлердиң қадағалаўы астында тийисли процедураларды даўам еттирмекте.