Яғный кардиохирургия бөлиминиң қәнигелери қашқадәрьялы 13 жасар наўқаста дүнья көлеминде аз ушырасатуғын жүрек нуқсаны, яғный эбштейн аномалиясы бойынша хирургиялық әмелиятты табыслы өткерди.
Бул кеселлик барлық жүрек кемисликлериниң 0,5 процентинде ушырасыўы менен де ажыралып турады. Бул жағдайда трикуспид қақпақ, яғный жүректиң үш пердеси надурыс раўажланады ҳәм нәтийжеде қан айланыўы бузылады.
Жоқары маманлық ҳәм жоқары технологияларды талап ететуғын бул әмелият усылы арқалы жүрек қақпағы тикленип, оның структурасы ҳәм жумысы нормаль жағдайға келтирилген.
Наўқас ҳәзирги ўақытта өзин жақсы сезип атыр. Тәбийий, буннан оның анасы Наргиза Султонова жүдә бахытлы.
- Баламның кеселлиги 4 жасында мәлим болған еди, - дейди ана. - Соннан берли көп орынларға мүрәжат еттик. Ҳәттеки, "Бул операцияны ҳеш жерде ислеп болмайды", дегенлер де табылды. Әне, ислесе болады екен ғой. Биз ўәлаяттағы шыпакерлердиң усынысы менен пайтахтқа, бул орайға келдик. Келип дурыс ислеген екенбиз. Балам ҳәзир жүдә жақсы. Буннан қуўанышлыман. Перзентимниң тәўир болыўына себепши болып атырған барлық медицина хызметкерлеринен миннетдарман.