Балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдем сапасының жағдайы көрип шығылды

    16 қаңтар 2025 264

    Усы жылы 16-январьда Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.

    Мәжилисте сенаторлар тәрепинен дәслеп "Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы Нызам додаланды.

    Атап өтилгениндей, бул Нызам мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, бул тараўды системалы түрде қадағалаўда үлкен әҳмийетке ийе. Нызамда азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы тийкарғы түсиниклердиң, соның ишинде, "азық-аўқат қәўипсизлиги", "мәмлекетлик резерв", "социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери", "азық-аўқат балансы", "азық-аўқат өнимлериниң жетиспеўшилиги" түсиниклериниң мазмун-мәниси ашып бериледи.

    Буннан тысқары, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўын тәртипке салыў механизмлери, министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўәкилликлери, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы тийкарғы принциплер, усы тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың бағдарлары анық етип белгиленеди.

    Қатнасыўшылар тәрепинен Нызамның әмелиятқа енгизилиўи азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы қатнасықларды ҳәр тәреплеме ҳуқықый тәртипке салыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Буннан соң балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдем сапасының жағдайын үйрениў мәселеси додаланды.

    Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде балалардың денсаўлығын сақлаў, оларға көрсетилетуғын медициналық жәрдем сапасын буннан былай да жақсылаў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Бул тараўдың материаллық-техникалық тәмийнаты жақсыланып, балаларға медициналық хызмет көрсетиўши мәкемелер заманагөй технологиялар менен тәмийинленбекте.

    Соған қарамастан, тараўда әмелге асырылыўы керек болған жумыслар, машқала ҳәм кемшиликлер бар екенлиги сенаторлар тәрепинен атап өтилди.

    Тек ғана соңғы ўақытлары балалар арасында кеселликлердиң артыўы, ҳәр қыйлы кеселликлер себепли балалар өлими елеге шекем сақланып қалмақта.

    Соннан келип шығып, Комитет жанында жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат қурамда жумысшы топар дүзилди ҳәм балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдем сапасының жағдайын үйрениў, бар машқалаларды сапластырыўға қаратылған илажларды белгилеў режелестирилди.

    Мәжилисте бул мәселени үйрениў даўамында жумысшы топар ағзаларына әмелдеги нызамлар, Президент тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўына итибар қаратыўы ҳәм үйренилиўи керек болған ўазыйпалар бойынша аналитикалық мағлыўматлар таярлаў зәрүрлиги бойынша усыныслар берилди.

    Мәжилис жуўмағында Комитеттиң додаланған мәселелер бойынша қарарлары қабыл етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates