баннер
28 Mar 2025
19:08

    Бас консулхана пуқараларды алдаўшылардан ескертти

    Бас консулхана пуқаралар ҳәм олардың жақын туўысқанларына алдаўшылардан абайлы болыў, тек ғана нызамлы жоллар менен сырт мәмлекетке кетиўди усыныс етпекте.

    Атап өтилиўинше, соңғы ўақытлары Түркия аймағында айырым категориядағы физикалық ҳәм юридикалық тәреплер тәрепинен Өзбекстан пуқараларына үлкен қаржылар есесине АҚШқа турақлы жасаўға жибериў, сондай-ақ, Европа мәмлекетлериниң визаларын рәсмийлестирип бериўди ўәде етиў арқалы алдаўшылық жынаятларының жүз бериў жағдайлары көбеймекте.

    Бул категориядағы шахсларға исенген пуқараларымыз үлкен машқалаларға дус келип, олардың көрсетпеси менен түрли сырт мәмлекетлерге, тийкарынан Азия ҳәм Африка мәмлекетлерине барып, ол жерлерде сергиздан болып қалмақта.

    Бас консулхана пуқаралардан АҚШқа ямаса Европа мәмлекетлерине нызамлы жол менен шығыў ушын тек ғана рәсмий ўәкилликли уйымларға мүрәжат етиўди, ҳеш кимге визаны ямаса АҚШқа нызамсыз өтиўди ўәде етип, пул талап етип атырған шахсларға исенбеўди, жеке ҳүжжетлерди бийтаныс адамларға тапсырмаўды усыныс етпекте.

    Мағлыўмат ушын: Күни кеше АҚШқа кетиў нийетинде алдаўшылар дузағына түсип, Африка ҳәм Латын Америкасы мәмлекетлеринде перзенти менен аўыр жағдайда қалған және бир ҳаял ўатанласымыз Бас консуллық жәрдеминде Өзбекстанға жиберилди, - делинеди хабарда.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech