АЖМқуяш урыўынан сақланыўға шақырды

    Сондай-ақ, тәбийғый гезлемелерден таярланған кийим кийиў, көзди қуяштан қорғайтуғын көз әйнек тағыў зәрүр екенлиги айтылды. Соның менен бирге, ашшырақ демленген шай, ҳәр қыйлы шербетлер, минерал суў ишиў қосымша етилди.

    Ҳаўа-райының кескин ысып кетиўи әсиресе балалар, кекселер ҳәм наўқасларға аўыр тәсир етеди. Ҳәтте саламат адамлар да айырым қағыйдаларға әмел етиўлерине туўра келеди. Қуяш урыўы ашық ҳаўада туўры түсетуғын қуяш нурлары астында жүз береди, бирақ ыссылық тәсир еткеннен соң 6-8 саат өтип де басланыўы мүмкин.

    Қуяш урыўынан сақланыў ушын бир неше қағыйдаларға әмел етиў зәрүр:

    1. Имканияты болғанша саат 10:00 ден 17:00 ге шекем тик түсетуғын қуяш нурлары астында болмаң.

    2. Тәбийий гезлемелерден (пахта, кенеп ҳәм т.б.) таярланған кийим кийиң.

    3. Әлбетте жеңил, ашық реңли бас кийим кийиң. Көзиңизге қуяштан қорғаўшы көзәйнек тағың.

    4. Суў ишиў режимине әмел етиң. Тәртипсиз көп муғдарда суў ишиў тек ғана шөлди жақсы баспайды, ал жүректи зорықтырады. Жақсысы ашшылаў демленген шай, ҳәр қыйлы шербетлер, минерал суў ишиң. Үйден шыққанда өзиңиз бенен алып кетиң.

    5. Қуяштан қорғаўшы кремлерден пайдаланың.

    6. Қуяшта болып қайтқаннан соң, душ қабыл етиң ямаса ызғар сүлги менен сүртиниң.

    7. Аш қарынға ямаса аўқат жегеннен соң дәрриў қуяш астында болмаң.

    Қуяш урыўы ямаса ыссылық урыўы белгилери:

    - ҳәлсизлик, шаршаў, бас аўырыўы ҳәм шөллеў бақланады;

    - бас айланыўы, қулақларда шаўқым, пүткил денеде аўырыў болып, пульс ҳәм дем алыў тезлеседи. Айырым ўақытлары кеўил айныўы ҳәм қусыў бақланыўы мүмкин. Терлеў күшейеди, мурыннан қан кетиўи мүмкин.

    - жүрек-қан тамыр искерлиги ҳәм дем алыў кескин бузылады, есин жоғалтыўы мүмкин.

    - айырым ўақытлары тутқанақ, сандырақлаў, галлюцинация бақланыўы мүмкин.

    Қуяш урыўының аўыр формасында тер ажыралыўы тоқтайды, егер наўқасқа медициналық жәрдем көрсетилмесе, дем алыў ҳәм жүрек тоқтаўы мүмкин.

    Қуяш яки ыссы урғанда биринши медициналық жәрдем

    Биринши медициналық жәрдемди дурыс көрсетиў инсан өмирин сақлап қалыўы мүмкин. Тийкарғысы, адам өзин жойтпастан ҳәммесин дурыс ҳәм тез орынлаўы зәрүр.

    - наўқасты салқын жерге өткериў, шалқаға жатқызыў, басын бираз көтерип қойыў, кийимлерин шешиў, толық тыныш орталық жаратыў ҳәм таза ҳаўа келиўин тәмийинлеў;

    - егер наўқас есинде болса ашшы шай ямаса суўық суў ишиў, (жақсысы суўға 0,5 литрге 0,5 шай қасық дуз қосыў);

    - басын суўық суў менен ығаллаў яки басына ығаллы сүлги қойыў;

    - аўыр жағдайларда наўқасты ҳөлленген простыня менен орап қойыў ямаса үстинен суўық суў қуйып турыў мүмкин, бирақ абайлы болыў керек (дене температурасы 30 градустан түсип кетпеўи керек). Егер мүмкин болса қан тамырлары көп болған қолтық асты, қуўыс ҳәм дизениң артына муз ямаса суўық суў толтырылған баклажка қойыў керек;

    - қуяш ямаса ыссы урған наўқасларды жақын арадағы емлеў мәкемесине алып барыў зәрүр. Аўыр жағдайларда болса тез жәрдем бригадасын шақырыў зәрүр.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates