Жақын Шығыста барған сайын кескинлесип атырған әскерий-сиясий жағдай мүнәсибети менен, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги төмендегилерди қатаң усыныс етеди.
Әскерий ҳәм басқа да мәмлекетлик объектлерге жақынласпаў, оларды фото ҳәм видео сүўретке алмаў;
Адамлар көп топланатуғын орынлардан узақта болыў;
Жергиликли ҳәкимият уйымлары тәрепинен берилип атырған көрсетпелерге сөзсиз әмел етиў, зәрүрлик пайда болғанда арнаўлы баспаналарға ямаса қәўипсиз орынларға жол алыў.
Сондай-ақ, министрлик пуқаралардан зәрүрлик туўылғанда мәмлекетимиздиң Иран ҳәм Израилдағы дипломатиялық ўәкилханалары менен байланысыўын сораған.
Ирандағы Өзбекстан елшиханасы менен байланыс мағлыўматлары:
Телефон: +98 (21) 22299780, 22832025
Өзбекстанның Израилдағы елшиханасы менен байланыс мағлыўматлары:
Телефонлар: +972 (3) 672-2466, 672-2371, 758-5075, 758-5076
Асығыс мүрәжатлар ушын:
+972 (54) 485-1397
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги жағдайды турақлы түрде мониторинг етип барады ҳәм зәрүрликке бола қосымша мәлимлеме усынады, - делинеди хабарда.