Фронт арты буйрығы: Өзбекстанның Израилдағы елшиханасы мүрәжат пенен шықты

    17 маусым 2025 1085

    Мүрәжатта Израиль аймағына күшли ракета ҳүжимлери бақланыўы күтилип атырғаны айтылған.

    Мүрәжатта келтирилиўинше, Израиль аймағында қәўипсизлик мәселелери бойынша Фронт арты буйрығы тәрепинен арнаўлы ескертиўлер бериледи. Пуқаралардан усы белгиленген рәсмий көрсетпелерге қатаң әмел етиў соралды.

    • Қызыл реңдеги ескертиў - бул қәўипли жағдайды аңлатады. Бундай ўақытта сиз:
    • Жақындағы қорғалған жер (бомбоубежище/мамат) жанында болыўыңыз керек;
    • Ҳәрекетти шеклеўиңиз зәрүр;
    • Сирена еситилгенде, дәрҳал қорғалған жерге кириң ҳәм жаңа ескертиў берилгенге шекем усы жерде қалың.
    • Көк реңдеги ескертиў - қәўип өткенин ҳәм қорғалған орынды таслап кетиў мүмкинлигин билдириў ушын бериледи. Баспаналардың қасында қалыў шәрт емес.

    Әҳмийетли: Ҳәр қандай жағдайда да, рәсмий уйымлардың көрсетпелерине әмел етиң ҳәм жақын әтираптағы баспана орынлары ҳаққында алдыннан мағлыўматқа ийе болың, - делинеди хабарда.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates