Пикиримизди Бозатаў районында мәмлекет көлеминдеги ең ири емлеў орынларынан бири - "Бозатаў" санаториясының пайдаланыўға тапсырылғаны да дәлиллейди.

- "Бозатаў" санаториясы ушын 200 орынға ийе, халықаралық талапларға жуўап беретуғын алты қабатлы имарат қурылды. Бул жерге келетуғынларға индивидуал қатнаста болатуғын система жаратылған. Емлеў, реабилитация процесслери ушын заманагөй медициналық үскенелер орнатылған, - дейди "Бозатаў санаториясы" ЖШЖ директоры Фахриддин Абдуллаев. - Санаторияның қурылысы, үскенелери ушын Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен 123 миллиард сум ажыратылды. Нәтийжеде 100 ден аслам жумыс орны жаратылды.

Санатория жылына алты мың адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. Оның аймағы 12 гектарды қурайды. Соннан 6,3 гектарда мийўели, 4 гектарда саяманлы терек нәллери егилген. Наўқаслар 900 метр тереңликтен алынатуғын минерал ыссы суў жәрдеминде емленеди.

- Бул жерде терапевт, невропатолог, кардиолог, гинеколог қәнигелер ҳәрекет-таяныш, ас сиңириў ағзалары, жүрек-қан тамыр, нерв, эндокрин ҳәм сүйек-буўын системалары кеселликлери бойынша медициналық саламатландырыў ҳәм реабилитация хызметлерин көрсетеди, - дейди Ф.Абдуллаев. - Сондай-ақ, лабораториялық анализ, ЭКГ, УДТ ҳәм басқа да диагноз, емлеўлер өткериледи.

"Бозатаў" Өзбекстандағы ең жақсы санаториялар қатарынан орын алыўы тәбийғый. Себеби бул жерде дем алыў жоллары кеселликлерин емлеў ушын дуз үңгири, оксигенотерапия, гидромассаж (шарко, виши, циркуляр ҳәм суў асты) омыртқа грижасын емлеў, озонотерапия, лазеротерапия, карбокситерапия ҳәм басқа да физиотерапиялық емлеўлер әмелге асырылады.

- Бундай санатория бизиң аймақта қурылыўы қыялымызға да келмеген еди. Бозатаў тәбиятының сулыўлығы менен басқа районлардан ажыралып турады. Халқымыз районды "Өзбекстан Швейцариясы" деп атайды. Бул жерде жаңа санатория қурылысы әйне мақсетке муўапық болды. Емленип атырғанлар жақсы дем алыўы ушын барлық имканият бар. Мәселен, дем алыў бағлары, китапхана жумыс алып барады. 200 адамлық мәденият сарайы, заманагөй асхана, фин, рус ҳәм түрк моншалары, жабық суў бассейнлери де бар, - дейди Бозатаў районындағы "Еркиндәрья" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Худайберген Тилеўлиев. - Тийкарғысы, жергиликли халық ушын турақлы жумыс орынлары жаратылғаны қуўанышлы. Бозатаўда санатория қурылысы жаңа Өзбекстанда қарақалпақстанлылар абаданлығы ушын исленип атырған жумыслардың әмелий көриниси болып есапланады.

Санаторияда қуяш панеллери орнатылған. Бул болса энергияға талапты исенимли тәмийинлеў имканиятын береди. Усы сыяқлы тәреплери "Бозатаў" санаториясы жақын келешекте көпшиликти өзине тартатуғын, талап жоқары болған саламатландырыў орынларынан бирине айланатуғынынан дәрек бермекте. Бул жерге келген ҳәр бир инсан тек ғана саламатлығын тиклеп қоймастан, ал тәбияттың қойнында ҳәз етип жақсы дем алып қайтады. Буны жергиликли халық мақтаныш пенен тән алмақта.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы