Быйыл көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў басланады

    17 шілде 2025 1640

    Ғалабалық баҳалаў Кадастр агентлиги жанындағы Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў миллий орайы тәрепинен өткериледи.

    Экономика ҳәм қаржы министриниң буйрығы (14.07.2025 ж. АВ дизим саны 3649) менен Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў методикасы тастыйықланды.

    Ҳүжжет Президенттиң 05.03.2025-жылдағы "Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў системасын енгизиў ҳаққында"ғы ПП-43-санлы Пәрманына муўапық ислеп шығылған.

    Ғалабалық баҳалаў Кадастр агентлиги жанындағы Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў миллий орайы тәрепинен өткериледи.

    Ғалабалық баҳалаўды өткериў тәртиби төмендегилерди өз ишине алады:

    объектлердиң баҳасын анықлаў ушын зәрүр болған мағлыўматларды, соның ишинде, көшпес мүлк базары ҳаққындағы мағлыўматларды топлаў ҳәм таллаў;

    ғалабалық баҳалаўға тийисли объектлерди топарластырыў;

    баҳа ҳәм баҳалаў бойынша көшпес мүлк базары ҳаққындағы мағлыўматларды таллаў тийкарында объектлерди сегментлеў жолы менен ғалаба баҳаланыўы керек болған аймақларды зоналастырыў;

    баҳаны қәлиплестириўши факторларды ҳәм олардың объектлердиң баҳасын анықлаўға тәсир дәрежесин (коэффициентин) анықлаў;

    объектлердиң баҳасын анықлаў;

    ғалабалық баҳалаў нәтийжелерин тастыйықлаў.

    Ғалабалық баҳалаўды басқышпа-басқыш әмелге асырыў режелестирилмекте:

    2025-2026-жылларда - тәжирийбе тәризинде Ташкент қаласында;

    2026-2027-жылларда - Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайларында;

    2027-жыл ҳәм оннан кейинги жылларда - қалған аймақларда.

    Төмендеги мағлыўматлар алынады ҳәм анализленеди:

    баҳаны қәлиплестириўши факторлар;

    электрон саўда майданлары, соның ишинде, объектлерди сатыў ҳәм ижараға бериў, сондай-ақ, көшпес мүлк пенен байланыслы операциялар бойынша шөлкемлерде дүзилген нотариал тастыйықланған келисимлер ҳаққындағы дағазалар, сондай-ақ, коммерциялық банклер ҳәм басқа да кредит шөлкемлериниң объектлердиң гиреў баҳасын өз ишине алған мағлыўматлары;

    ҳәр қыйлы баҳалаў көзқараслары шеңберинде объектлердиң баҳасын анықлаў ушын зәрүр болған басқа мағлыўматлар.

    Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 14.07.2025-жылдан күшке кирди.