Президенттиң "Өзбекстан-2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

2025-жылы мәҳәллелердиң экологиялық келбетин жақсылаў, жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў бағдарында:

халық ушын пияда ҳәм велосипед жолларында тереклер ҳәм өсимликлер егиў арқалы "Саялы сейил көшелери" тармағының жаратылыўы, жағалық ҳәм дәрья бойларында 80 инфраструктура объекти ҳәм 110 километрден аслам саламатландырыў жоллары қурылады;

жаўын ҳәм ақаба суўлардан нәтийжели пайдаланыў, мәҳәллелердеги тереклерди заманагөй суўды үнемлейтуғын технологиялар арқалы суўғарыў системасын енгизиў нәтийжесинде жасыллық дәрежеси арттырылады;

"Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары ҳәм "Мениң бағым" жойбары шеңберинде 200 миллион түп терек ҳәм путалар егилиўи, жасыл бағлар ҳәм жасыл парклерде қуяш панеллери жәрдеминде қуўатланатуғын жақтыландырыўлардан пайдаланылады;

Арал теңизи түбинде 100 мың гектар "жасыл майдан" жаратылыўы ҳәм Аралбойы регионындағы тоғайлықлар 2,1 миллион гектарға жеткериледи;

тоғай менен қапланған майданлар 4,1 миллион гектарға жеткерилиўи ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақлар 14,5 процентке шекем кеңейтилип, олардың экотуризм, нәлшилик ҳәм дәри-дәрмақ жетистириў бағдарларындағы пайдаланылмай атырған резервлери анықланып, мобилизацияланыўы ҳәм халықтың дәраматлары арттырылыўы;

Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының таңлап алынған аймақларында шор ҳәм суўға шыдамлы өсимликлер (галофит) бағлары шөлкемлестириледи;

Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Сурхандәрья, Жиззақ, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында мәмлекетлик "ин-витро" лабораторияларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, жеке меншик "ин-витро" лабораторияларын қурыўға исбилерменлик субъектлерине кредитлер ажыратыў ушын халықаралық финанс институтларынан кеминде 30 миллион доллар муғдарында қаржылар тартылады;

жәмийетшилик, экобелсендилер ҳәм бизнес ўәкиллериниң тәбиятты қорғаў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаў акселерация системасының енгизилиўи тәмийинленеди.

Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары - Ж.Ходжаев, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министри - А.Абдухакимов, аўыл хожалығы министри - И.Абдураҳмонов, экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары - И.Норқулов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленеди.