Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-январьға шекем саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы барлық юридикалық тәреплер тәрепинен электрон төлемлерди қабыл етиў ушын бирден-бир QR-код енгизиледи.
2026-жыл 1-январьдан баслап саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы барлық юридикалық тәреплер тәрепинен банклерде қәлиплестирилген бирден-бир QR-код арқалы электрон төлемлерди қабыл етиў жолға қойылады.
Онда, 2026-жыл 1-июльден баслап:
- сондай-ақ, бирден-бир QR-код төлем системасы арқалы төлемлерди қабыл етиў саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы барлық юридикалық тәреплер ушын мәжбүрий етип белгиленбекте;
- бирден-бир QR кодынан пайдаланбаў саўда қағыйдаларын бузыў болып есапланады.
2026-жыл 1-январьдан баслап бир сыртқы саўда шәртнамасы шеңберинде бирдей түрдеги товарлар ушын муўапықлық сертификаты ҳәм экологиялық сертификат бир календарь жылдан аспаған мүддетке бир мәрте бериледи.
2026-жыл 1-марттан баслап тәжирийбе тәризинде Наўайы ҳәм Шыршық қалаларында дизимге алынған салық уйымлары хызметкерлери ҳәм физикалық шахслар тәрепинен жыллық жыйынды дәрамат ҳаққындағы декларацияны усыныў әмелияты енгизиледи.