Быйыл 30 жыллығы белгиленетуғын Конституциялық суд жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша соңғы жылларда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2021-жылы жаңа редакциядағы Конституциялық суд ҳаққындағы нызам қабыл етилип, конституциялық қадағалаўдың тәсиршең системасын қәлиплестириў имканияты жаратылды.

Соның менен бирге, Конституциялық суд ўәкилликлериниң толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып қалып атырғаны ҳәм бул бағдарда алып барылып атырған реформаларды жаңа басқышқа көтериўди талап етип атырғаны атап өтилди.

Презентацияда тийисли усыныслар көрип шығылды.

Атап айтқанда, мәмлекетте конституциялық нызамлылықты беккемлеў мақсетинде Конституциялық суд тәрепинен ҳәр жылы киргизилетуғын усыныслардың әмелге асырылыў нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Конституциялық суд тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў тәртиплери оптималластырылып, бюрократиялық тосқынлықлар сапластырылады.

Сондай-ақ, конституциялық шағым институтының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм арза бериўшилердиң судта қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде суд тәрепинен қолланылған нызамды Конституцияға муўапық емес деп табыў тийисли суд ҳүжжетин қайта көрип шығыў ушын тийкар болатуғын тәртипти енгизиў усыныс етилди.

Презентацияда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде Конституциялық суд жумысын санластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, суд мәжилислеринде аралықтан турып онлайн қатнасыў имканиятын енгизиў, мәжилисти интернет арқалы трансляциялаў, министрликлер ҳәм уйымлар арасында электрон мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў нәзерде тутылған. Судтың Азия конституциялық судлары ассоциациясына басшылығы шеңберинде мәмлекетимизде ҳәм сырт елде бир қатар халықаралық илажларды өткериў режелестирилген.

Конституциялық судтың халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, сырт мәмлекетлердиң конституциялық судлары менен бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Әдил судлаўды тәмийинлеўге байланыслы басқа да мәселелер, соның ишинде, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларды халық ҳәм исбилерменлерге жақынластырыў илажлары көрип шығылды. Бул судларға мүрәжат етиўде экстерриториал судлаўлылықты автоматластырылған түрде белгилеў басламасы алға қойылды.

Президентимиз билдирилген усынысларды қоллап-қуўатлап, оларды сапалы ҳәм системалы әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.