баннер
27 Mar 2025
07:34

    Бул бәҳәрди умытып болмас...

    Бәҳәр елимизге өзгеше гөззаллық пенен кирип келди. Тәбият пүткил мийрими, сақаўатын көрсетти, тереклер гүллеп, бағларға, көшелерге, қыябанларға нәллер егилди, мәҳәллелеримизде бәҳәрги кейпият, гөззаллық ҳүким сүреди.

    Дийқанларымыз әлле қашан 2025-жыл зүрәәти ушын бел байлап, ғалаба түрде егин тәрбиясына кирискени ертеңги бахытлы, абадан турмысымызға үлкен үмит, исеним оятады.

    Аўа, ойшыллардан бири айтқанындай, "Қысты жалғыз әрман - бәҳәр, Наўрызға аман-есен жетип алыў менен өткеремиз. Бәҳәр мәўсими келиўи менен кеўлимизде жүзлеп, мыңлап әрманлар пайда болады". Халқымыздың әзелден ең баслы әрманы тынышлық, қәтержамлық болып келген. Жаңа Өзбекстандағы турақлылықты мәңги беккемлеў, келешек әўладқа абат, азат ҳәм раўажланған мәмлекет қалдырыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы мақсети болып есапланады.

    Тилекке қарсы, бүгин жер жүзиниң түрли мүйешинде әскерий соқлығысыўлар, расалық-диний қарама-қарсылықлар даўам етпекте. Нәтийжеде мыңлаған бийгүна қурбан болмақта, және мыңлаған адам өз үйин, ўатанын таслап, ғәрипликке бет бурмақта. Усындай көринислерди телевидение, социаллық тармақлардан көргенде уллы ойшыл Шайх Саадийдиң төмендеги ҳикмети ядымызға түседи: "Адам әзелден бир гәўҳардан жаратылғанлығы себепли бир пүтин зат болып есапланады. Нәтийжеде заман кейпияты оның бир ағзасына жарақат жеткерсе, басқа ағзалары да өз денсаўлығын (тынышлығын) жоғалтады".

    Мың қәтле шүкир, бүгин тек ғана Өзбекстанымызда емес, ал регионымызда тынышлық, мәмлекетлер арасында исенимли дослық ҳүким сүрмекте. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жаңа сиясий жағдай, яғный жақсы қоңсышылық орталығын жаратыўда Президентимиздиң хызмети шексиз. "Жаңа Өзбекстан - жаңа қоңсышылық" принципи избе-из турмысқа енгизилмекте. Буны дүнья жәмийетшилиги, ири сиясий ғайраткер ҳәм экспертлер тән алды.

    Президентимиз буннан жети жыл бурын 9-10-март күнлери Тәжикстан Республикасына мәмлекетлик сапар менен барып, еки мәмлекет арасында дерлик шерек әсир даўам еткен "суўық" қатнасықларды сапластырды. Байланысларымызды стратегиялық ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерди. Кейинги жети жылда бирге ислесиў байланыслары, әсиресе, экономиканың барлық тараўын қамтып алып, өз-ара саўда баҳасы 197 миллион доллардан 757 миллион долларға шекем өсти. Бул көрсеткишти 1 миллиард долларға жеткериў имканияты бар.

    Тәжикстанлы эксперт Парвиз Моллажоновтың атап өтиўинше, Өзбекстан ҳәм Қырғыз Республикасы Тәжикстанның ири саўда шериклери болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 5-6-сентябрь күнлери Қырғызстанға мәмлекетлик сапары да еки мәмлекет арасындағы жақын дослық байланысларының тарийхында әҳмийетли ўақыя болды.

    Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық принциплерине тийкарланған стратегиялық шериклик қатнасықлары да избе-из беккемленип бармақта. Инвестициялар ҳәм санаат кооперациясы бойынша кең көлемли бирге ислесиў өз нәтийжесин бермекте. Транспорт ҳәм логистика тараўындағы перспективалы бирге ислесиў, атап айтқанда, Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолын қурыў жойбарын айрықша атап өтиў керек.

    Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 27-декабрь күни усы темир жол қурылысының басланыўына бағышланған салтанатлы мәресим қатнасыўшыларына мүрәжат етип, соның ишинде, былай деген еди: "Бул магистралдың иске қосылыўы регионаллық саўда ҳәм инвестициялар көлемин бир неше есеге көбейтиў, транспорт қәрежетлерин сезилерли дәрежеде қысқартыў, Орайлық Азияның үлкен транзит потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет етеди". Бул жойбардың улыўма баҳасы 4 миллиард 665 миллион долларға баҳаланбақта.

    Гуманитар бағдарда да бирге ислесиў избе-из раўажланып бармақта. Өзбекстан Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларының өткерилип киятырғаны региондағы тынышлық ҳәм турақлылықты буннан былай да беккемлеў, инсан потенциалын бирлестириўде қолайлы қурал болып қалмақта.

    Наўрыз байрамы алдынан Президентимиз регион мәмлекетлериниң жетекшилери менен телефон арқалы сөйлесип, еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы мәселелер бойынша пикир алысты.

    Мәмлекетимиз басшысы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде жақын күнлерде Хоженд қаласында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң ушырасыўы болып өтетуғынын айтты.

    Президентимиз регионымызда жасап атырған барлық жақсы нийетли инсанларды Өзбекстан халқы атынан қутлықлап, болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўге итибар қаратып, ушырасыў жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўде және бир әмелий қәдем болатуғынына исеним билдирди. "Түп мәнисинде дослық, туўысқанлық ҳәм бирге ислесиў мәканына айланып атырған регионымыз ҳәмийше тыныш болсын, ҳәмийше гүллеп-жаснасын!

    Усы жерде регионымыздың ҳүрметли зыялыларына, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият ғайраткерлерине мүрәжат етип айтпақшыман.

    Әзиз дослар, сизлер сийрек ушырасатуғын талантыңыз, ақыл-ойыңыз бенен әзелий туўысқанлығымызды, уқсас қәдирият ҳәм үрп-әдетлеримизди, жақсы умтылысларымызды жырлайтуғын шығармалар жаратып, жасларымызды әне усы руўхта тәрбиялаўға үлес қоссаңыз, халықларымыз сизлерден әлбетте миннетдар болады.

    Бундай жетик дөретиўшилик үлгилери бүгинги қәўипли дәўирде еллеримиз, әсиресе, жас әўладларымызға беккем руўхый қалқан болып хызмет ететуғынына гүман жоқ," деди.

    Хожендте болып өтетуғын үш тәреплеме ушырасыў Президентимиздиң жоқарыда айтылған уллы ҳәм ийгиликли мақсетин турмысқа енгизиў жолында және бир әмелий қәдем болатуғынына исенемиз.

    Бул ушырасыўдың әйне усы әййемги қалада өткерилип атырғанында да символлық мәнис бар. Хоженд әзелден үш туўысқан, дос еллер - өзбек, тәжик, қырғыз халықларының тарийхый саўда-сатық байланыслары, мәдениятлары кесилискен қала болып келген. Хоженд Тәжикстан тарийхында "Тынышлық қаласы" аты менен де еске алынады. Себеби, сол қаланың Арбоб сарайында 1992-жылы 16-ноябрь күни Тәжикстан Жоқарғы Кеңесиниң XVI сессиясы болып өткен ҳәм мәмлекетте узақ даўам еткен пуқаралар урысына шек қойылған.

    Президентимиз 2021-жыл 10-11-июнь күнлери қоңсы мәмлекетке мәмлекетлик сапарының екинши күнинде әйне Арбоб сарайында Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон басшылығында усы республика зыялылары менен ушырасып, сөйлесиў даўамында еки уллы ойшыл - Әлийшер Наўайы ҳәм Абдураҳмон Жомий ҳаққында биргеликте көркем фильм жаратыў идеясын алға қойған еди. Бул фильм бүгин "Жулдызлар сәўлеси: Жомий ҳәм Наўайы" аты менен сүўретке алынбақта.

    Быйылғы қутлы ҳәм қуўанышлы Наўрыз байрамы қарсаңында регионымызда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге байланыслы және бир әҳмийетли ўақыя жүз берди. 13-март күни Қырғызстан ҳәм Тәжикстан басшылары мәмлекетлер арасындағы мәмлекет шегарасы ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды. Мине, усы ўақыяны тек ғана тәжиклер ҳәм қырғызлар емес, ал пүткил регион халықлары көп жыллардан берли күткен еди. Демек, регионаллық тынышлық ҳәм жақсы қоңсышылыққа және бир қатаң әмелий қәдем тасланды. Мине усындай жедел сиясий сөйлесиўлер регион мәмлекетлери арасындағы өз-ара исеним ҳәм дослық орталығын және де беккемлейди.

    Быйыл бәҳәрде Орайлық Азия халықларын және де бирлестиретуғын, тынышлық, татыўлық, бирге ислесиўге шақыратуғын көплеген ўақыялар болып өтти ҳәм болыўы күтилмекте. Солай екен, жақсылықларға бөленген бул бәҳәрди умытып болмайды...

    Шоқаҳҳор САЛИМОВ,

    журналист,

    "Дўстлик" ордени ийеси

    Телеграм каналымыз
    Text to speech