Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў ҳәм диний-ағартыўшылық тараўындағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында мәлим етилди.

Муўапықластырыўшы кеңес диний-ағартыўшылық тараўда билимлендириў, илим ҳәм илимий-изертлеў жумысларының барлық процесслерин муўапықластырыў мәселелерине жуўапкер болған мәсләҳәт уйымы болып есапланады.

Кеңес төмендеги шөлкемлердиң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеўге байланыслы жумысын муўапықластырады:

  • Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы;
  • Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы;
  • Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы;
  • Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы;
  • басқа диний-ағартыўшылық мәкемелери.

Сондай-ақ, Конфессиялар ислери бойынша кеңестиң жумысы жетилистирилип, оның қурамына сиясий ғайраткерлер, жәмийетлик белсендилер, динтаныўшы илимпаз ҳәм қәнигелер бақлаўшы сыпатында киргизиледи.

Пәрманға бола, Бухара ўәлаятында Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайы шөлкемлестириледи.

Уллы бабамыз Баҳаўаддин Нақшбанд ҳәм нақшбандийлик тариқаты уламаларының жоқары адамгершилик идеяларын илимий тийкарда үйрениў бул орайдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткерилди.

Ол исламтаныў бағдарындағы илимий изертлеўлерди және дин менен байланыслы процесслер бойынша таллаўларды әмелге асыратуғын илимий-изертлеў мәкемеси етип белгиленди.