Неше жыллар даўамында жақсы нийет етип, ўақты келгенде ишпей-жемей пул жыйнап, жаңадан қурылған көп қабатлы жайлардан заманагөй квартира сатып алсаңыз, дәрриў лифти бузылып қалса, адамның кеўил кейпияты түсип кетеди. Кеўил қалса мейли, мәселениң басқа да қатаң тәрепи бар: насаз лифт бузылып, ишинде узақ ўақыт қалыўға туўра келиўи ямаса өткен жылы еситкенимиздей лифтлердиң иши толы адам менен бирден төменге түсип кетиўи өмир ушын қәўип. Мине усындай жағдайлар себепли көплеген адамлар бираз ўақыт жаңадан қурылған үйлерден квартира сатып алыўға қорқып қалғаны да рас.

Жаңадан қурылған жайлар деп атырғанымыздың себеби, олардың лифтлери де өзине жараса бир қанша заманагөй, пайдаланылған материаллары беккем, бузылып қалса да есигин әпиўайы ҳәрекет пенен ашыў қыйын. Бул олардың абзаллығы да негизинде. Бирақ пайдаланғанымызда көплеген қолайлылық сезип атырған люкс лифтлер, тилекке қарсы, қәўипсизлик жағынан бәрқулла талапқа жуўап бермей атыр.

Усы жыл март айының орталарында Яшнабад районындағы көп қабатлы үйлерден бириниң лифт қурылмасы ҳәрекетлениў процесинде тоқтап қалған. Жуўапкерлердиң мағлыўматына бола, лифт тоқтаў қабатына келгенде төменлетиў функциясынан пайдаланатуғын қурылманың насазлығы себепли өз ўақтында керекли "сигнал" жетип келмеген. Нәтийжеде қурылманың қорғаў функциясы ислеп, лифт 2-ҳәм 3-этаж аралығында ҳәрекетлениўден тоқтаған. Қәўетерлиси, лифт ишинде адамлар болған. Қуўанышлы тәрепи, хызмет көрсетиўши шөлкем ўәкиллери тез жетип келип, 4-5 минутта адамлар алып шығылған. Техникалық хызмет көрсетилгеннен соң лифт және саз жағдайда ислей баслаған.

Усындай хабарларды еситкенимизде дәрҳал лифт ишиндеги адамлар көз алдымызға келеди. Билгенимше, заманагөй лифтлер тығыз қурылғаны себепли, ишиндеги ҳаўа әдеўир қысылған болады. Сол себепли бузылса, узақ ўақыт қалып кетиў бирқанша қәўипли. Кабинадағы байланыс қураллары ислемесе ямаса талапқа жуўап бермесе, бул қәўип және де артады. Талапқа жуўап бермеў жағдайлары болса көбинесе лифтти техникалық көриктен өткермеў, қәўипсизлик сертификаты алынбаўы, керекли ўақытта хызмет көрсетилмегени ушын жүзеге келеди. Кейинги ўақытларда қурылысшы шөлкемлер алдына әне усы талапларға толық әмел етиў ўазыйпасы қойылып атырғанының себеби усыннан. Енди "Лифтлердиң сазлығы ушын ким жуўапкер?" деген сораў жуўапсыз қалыўына жол қойылмайды, жуўапкердиң анық ийелери көрсетиледи.

- Мәмлекетимизде 43 мың 471 көп квартиралы турақ жай бар. Соннан 5491 турақ жайда 13 мың 789 лифт үскенеси жайластырылған, - дейди Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги департамент бас қәнигеси Ҳусниддин Шодиев. - Ҳәр бир лифт қурылмасы көп қабатлы турақ жайға орнатылыўы менен толық техникалық тексериўден өткериледи. Бул қурылманы орнатқан ямаса реконструкция қылған шөлкем бас жумысты бөлип алып ислеўши қурылыс шөлкеми менен биргеликте процессти шөлкемлестиреди. Тәртипке бола, тексериў Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети тәрепинен орынланады ҳәм алынған унамлы жуўмақ тийкарында лифтке муўапықлық сертификаты бериледи. Егер қандай да бир кемшилик анықланса, толық сапластырылғаннан кейин ғана лифтлерди қабыл етиў бойынша акт дүзиледи. Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниң қадағалаў инспекциясы тәрепинен лифт паспорты менен дизимге алынады ҳәм пайдаланыўға рухсат бериледи. Бул процесс турақ жайда орнатылып атырған лифттиң қолланыўға жарамлы екенлигин анықлап береди.

Кейинги басқышта болса көп қабатлы турақ жайлардағы лифтлердиң ийеси усы турақ жайларға хызмет көрсететуғын басқарыў шөлкеми болады. Бул шөлкем лифт қурылмаларының өз ўақтында техникалық қадағалаўдан өткерилиўин ҳәм нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлейди. Лифтлерге хызмет көрсетиўге рухсатнамаға ийе шөлкем менен дүзилген шәртнама тийкарында техникалық тексериў мүддетин белгилейди. Бул тексериў өз-ара келисим тийкарында ҳәр айда, ҳәр үш айда, ҳәр алты айда ямаса бир жылда бир рет болыўы мүмкин. Бирақ тәртипке бола, лифт үскенелери кеминде еки айда бир мәрте техникалық көриктен өткерилиўи, арнаўлы рухсатнамаға ийе шөлкемлер тәрепинен жылына бир мәрте толық техникалық сынақ өткерилиўи зәрүр.

Лифт тосаттан тоқтап қалса...

Лифт қурылмасы - техникалық үскене. Сонлықтан, бузылып қалыў ямаса тоқтап қалыў, истен шығыў сыяқлы жағдайлардан жырақ емес. Лифттеги артықша жүк қурылманың ҳәрекеттен тоқтап қалыўы ҳәм барып-келип техникалық насазлықты келтирип шығарыўы мүмкин. Бул көбинесе лифттен пайдаланғанда нормативлик талапларға әмел етпеўден келип шығады ҳәм мүлк ийелериниң өзи де буған себепкер болады. Әпиўайы мысал: лифт кабинасындағы жолаўшылардың рухсат етилген саны ҳаққындағы ескертиўши мағлыўматнамаға қарамастан, гейде керегинен артық пайдаланыўшы шығып, лифттиң шыдамлылығын сынап көрмекши болады. Айырым заманагөй лифтлер нормадан артықша адам менен ҳәрекетленбейди. Бундай механизмге ийе болмағанлары болса ўазыйпаны бирнеше мәрте орынлағаннан кейин истен шығады. Бирақ, пайдаланыў қағыйдаларында бир қатар талаплар бар. Соның ишинде, мектеп жасына шекемги балалардың үлкенлер менен бирге жүрмей лифттен пайдаланыўды қадаған етиў, нәрестелерди арбашаларда тасыў тәртибин нәзерде тутатуғын бәнтлер бар. Сондай-ақ, шақырыў түймелерин билқастан сындырыў, лифттиң есиклерин ҳәрекет ўақтында ҳәм ҳәрекетсизлик ўақтында қол менен ашыўға урыныў қатаң қадаған етиледи. Пайдаланыўшылар лифтлерге зыян жеткергени ушын тийисли тәртипте жуўапкершилик белгиленген. Бирақ көбинесе буған итибар берилмейди.

Бүгин лифтлерде бақланып атырған тийкарғы машқалалар да усылардан ибарат екени айтылмақта. Яғный пуқаралардың лифтлерден надурыс пайдаланыўы нәтийжесинде есик сенсорларының күйиўи, күш ислетиў ақыбетинде есиклерге зыян жеткериўи, сондай-ақ, басқарыў уйымлары ҳәм сервис шөлкемлери арасында шәртнама дүзилмегени ямаса шәртнама талапларына әмел етилмей атырғаны ҳәр қыйлы унамсыз жағдайларды жүзеге шығармақта. Лифтлер тосаттан тоқтап қалып атырғаны, ҳеш қандай ислемей, насаз ҳалға келип атырғаны буған мысал.

Бундай ўақытта дәрҳал хызмет көрсетиўши компанияға мүрәжат етиледи. Тийкарғы ўазыйпа лифтте қалған адамларды қысқа мүддетте, зыянсыз шығарып алыў болып табылады. Жуўапкерлердиң айтыўынша, лифт бузылып қалғанда, сервис шөлкеми 1 саат ишинде машқаланы үйренип, сапластырыў илажын көреди. Лифтте адам қалып қойған жағдай бақланса, басқарыў уйымы қәнигеси бирлемши жәрдем көрсетип, лифттеги адамды шығарып алыўы зәрүр. Бул жағдайда басқарыў уйымының диспетчерлигине авария жағдайы ҳаққында хабар бериў қуралы ямаса телефон арқалы келип түскен мүрәжат 5-15 минутта шешилиўи керек.

Күтилмеген жағдайларда оператив хабар бериў ушын лифт кабинасында керекли қураллардың болыўы талап етиледи. Бәринен бурын, айрықша жағдайларда байланысыў ушын телефон номерлери көрсетилиўи зәрүр. Қалаберди, авария-қутқарыў қурылмасы (ARD), бақлаў камерасы, байланысты күшейтиў қурылмасы, авария жағдайы ҳаққында хабар бериў қуралы бар болыўы керек. Бул талаплар мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм исбилерменлер тәрепинен орнатылып атырған жаңа лифтлер ушын белгиленген. Енди алдыннан бар болған, руўхый ескирген лифтлер басқышпа-басқыш жаңаланып, оларға да усы талаплар енгизилмекте.

"Қәўипсиз лифт" платформасы иске түсириледи

Системаны санластырыў, бақлаў механизмин және де күшейтиў, лифт кабиналарындағы байланыс каналларын жақсылаў айрықша жағдайларда оператив илаж көриўди тәмийинлейди. Әдетте көзимиз түсетуғын телефон номерлери ҳәм байланыс қуралларының атына турыўына енди жол қойылмайды. Адамлар олардан керекли ўақытта пайдалана алыўы керек. Жуўапкерлер қойып атырған талап та сондай. Себеби көп қабатлы турақ жайда жасайтуғын халық ушын лифт қурылмасының сазлығы ҳәм қәўипсизлиги оғада әҳмийетли. Буны қадағалаўға алыў ушын илажлар күшейтилмекте.

Көп квартиралы турақ жайлардағы лифт үскенелериниң техникалық жағдайын түп-тийкарынан жақсылаў, халыққа қәўипсиз шараят жаратыў, итималлы авариялық жағдайлардың алдын алыў, лифт үскенелерин мониторинг етиў ҳәм заманагөй диспетчерлик хызметин көрсетиў мақсетинде ҳүкиметтиң тийисли қарары шығарылған. Мине, усы қарар тийкарында усы жыл 1-майдан баслап "Қәўипсиз лифт" платформасы иске қосылады.

- Бул платформа диспетчерлик хызметин басқарыў, лифт үскенелериниң техникалық жағдайын мониторинг етиў ҳәм авариялық жағдайларды реал ўақыт режиминде дизимге алыўға мөлшерленген, - дейди Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги департаментиниң бас қәнигеси Ҳусниддин Шодиев. - Қалаберди, электрон платформа арқалы лифт үскенелерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, лифтке хызмет көрсетиўши шөлкемлердиң онлайн реестрин жүргизиў, лифтлерге техникалық хызмет көрсетилген мағлыўматлар тарийхын сақлаў, жылына бир мәрте өткерилиўи керек болған техникалық сынақ нәтийжелерин таллаў мүмкин. Бүгинги күнге шекем елимиздеги 5491 көп квартиралы турақ жайдағы 13 мың 789 лифт үскенеси толық хатлаўдан өткерилди. Нәтийжеде эксплуатация мүддетин өтеп болған 2001 лифтти жаңалаў ҳәм 382 лифтти оңлаў керек екенлиги анықланды.

Электрон платформадан пайдаланыў халық ушын да қолайлы. Адамлар QR кодлар арқалы өзи пайдаланатуғын лифтлер, атап айтқанда, лифт орнатылған сәне, эксплуатациялайтуғын шөлкемниң аты, техникалық сынаў нәтийжелери, лифттиң ҳәзирги жағдайы ҳаққында толық мағлыўмат алыўы мүмкин. Пикир ҳәм усынысларды қалдырыў имканияты жаратылады.

Енди жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылып атырған көп квартиралы турақ жайлардағы лифт үскенелери Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитети тәрепинен "Қәўипсиз лифт" бирден-бир уйымлараралық электрон платформасы тийкарындағы электрон реестрге киргизилгеннен кейин ғана пайдаланыўға қабыл етиледи. Реестрге киргизиў ушын лифт үскенелери бир қатар талапларға жуўап бериўи керек. Бәринен бурын, лифтлерди ислеп шығарыўшы ямаса импорт етиўши субъектлерде елимиз аймағында кепилленген сервис көрсетиў имканияты тексериледи. Қалаберди, лифт үскенелеринде авариялық қутқарыў қурылмасы, бақлаў камерасы, байланысты күшейтиў қурылмасы, авариялық жағдайлар ҳаққында хабар бериў қуралы болыўы керек.

Адамлар өзи жасап атырған көп қабатлы турақ жай лифтинен қорықпай, қәўипсизлигине исеним менен пайдаланыўы ушын система түп-тийкарынан жетилистирилмекте. Бул арқалы тосыннан бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, күтилмеген жағдайларда оператив илаж көриў мақсет етилген.

Ирода ТОШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы