Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан-Қырғызстан Мәмлекетлик шегарасы жойбарлық сызығының шегараның ақырғы тәртипке салынбаған участкасынан өтиўи ҳаққындағы Баянлама ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети арасындағы "Чашма" булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққындағы Келисим жойбарының тийкарғы шәртлери тастыйықланды.
Тәреплер "Чашма" булағы Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы халықларының улыўма байлығы екенин айрықша атап өтти. Өзбекстан Республикасы пуқараларының усы булақтан еркин ҳәм тосқынлықсыз пайдаланыўы, өзбек тәрепи булақтың үштен еки бөлегинен пайдаланыўын тәмийинлеў және булақтың суў ресурсларының көлеми ҳәм сапасына тәсир етиўи мүмкин болған ҳәр қандай ҳәрекетлерди өзбек тәрепи менен муўапықластырыў ҳаққында келисимлерге ерисилди.
Сондай-ақ, тәреплер дослық ҳәм жақсы қоңсышылық руўхында еки мәмлекет пуқараларының "Чашма" булағынан толық пайдаланыўына тосқынлық ететуғын ҳәр қандай илажларға жол қоймаўға келисип алды.
Тәреплер Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети арасында "Чашма" булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққындағы келисим және Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы участкасы ҳаққындағы шәртнаманы қысқа мүддетте муўапықластырыў ҳәм қол қойыўға келисип алды.
Сөйлесиўлер даўамында өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасы арқалы айырым өткериў пунктлериниң жағдайы ҳәм жумыс тәртиби бойынша улыўма позициялар да келисип алынды. Өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасы арқалы пуқаралардың қатнаўы ҳәм жүк тасыўларын сезилерли дәрежеде жеңиллетиўге жәрдем берип атырған өткериў пунктлери бойынша улыўмалық көзқарасты ислеп шығыў бойынша өткерилип атырған еки тәреплеме сөйлесиўлерге жоқары баҳа берилди.
Еки мәмлекет пуқаралары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2004-жылдағы Өзбекстан-Қырғызстан Мәмлекетлик шегарасындағы өткериў пунктлери ҳаққындағы келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протоколға имканы болғанынша тезирек қол қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Тәреплер жақын арада еки мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлардың ушырасыўын өткериўге келисип алды.
Қабыл етилген қарарлар еки туўысқан мәмлекет басшыларының Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы арасындағы Мәмлекетлик шегараны дослық, жақсы қоңсышылық, тынышлық ҳәм аўызбиршилик шегарасына айландырыў жолындағы ҳәрекетлерине толық сәйкес келеди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша тийисли Протоколға қол қойылды.
Ушырасыў әдеттегидей әмелий ҳәм дослық руўхында өтти.