Спортта чемпион, деген сөз бар. Бул сөз барлық қарсыласларынан үстинликке ийе, алдынғы нәтийжелерди қолға киргизип, жарысларда ҳадал ойнайтуғын спортшыға ямаса командаға қарата қолланылады. Чемпион болыўдың әҳмийети де, салмағы да өзгеше. Ҳәммеге де бундай статус бериле бермейди.
Енди бул сөз мәмлекетимиздеги ең белсенди, алдынғы исбилерменлерге де қолланылып атырғаны бийкарға емес. Себеби, бүгин олар экономикамыздың таянышы, елимиздиң раўажланыўының белсенди қатнасыўшылары, ҳақыйқый қаҳарманларына айланғанын мәмлекетимиз басшысының өзи тән алмақта.
Мине, усы исбилерменлеримиз арасында үлкен саўда айланысына ийе ири бизнес ийелери көп. Жақынға шекем оларды танымайтуғын едик, билмейтуғын едик. Енди болса дәраматлары ҳаққында ашық айтылып атыр. Ҳәттеки, ири бизнес ийелерине "чемпион" исбилерменлер, деп баҳа берилмекте.
Өткен жылы 20-декабрь күни мәмлекетимиз басшысы елимиздиң жетекши исбилерменлери менен видеоселектор түринде өткерген ашық сөйлесиўинде бул ҳаққында биринши мәрте айтқаны ядымызда. Сол ўақытта Президентимиз елимизде жумысшылары 5 мыңнан аслам, жыллық дәраматы 1 триллион сумнан асқан 142 "чемпион" исбилермен бар екенлигин мақтаныш пенен атап өтти. Бул кәрханаларға мәмлекет экономикасының локомотиви сыпатында жаңа технологияларды қолланыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен күш сыпатында қаралмақта. Олар көп тармақлы корпорацияға айланып, жақын тараўлардың раўажланыўына да үлкен үлес қоспақта. Киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери оларға ҳәўес етип, изине ерип атыр.
Яғный, басқаларға қарағанда артта қалып атырған кәрханалар да бир қатар жеңилликлерден пайдаланып имканиятларын арттырмақта, турақлылық рейтингинде жоқарылап бармақта. Мыңлаған микро ҳәм киши кәрханалар жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, қысқа мүддетте үлкен-үлкен компаниялар менен бәсекилесе баслады. Мәселен, кейинги бир жыл ишинде 1600 микро кәрхана саўда айланысын 10 миллиард сумнан асырып - орта кәрханаға, 143и болса 100 миллиард сумнан асырып, ири кәрханаға айланды. Және 122 киши кәрхана алдыға еки қәдем секирип, ири бизнес қатарына қосылды.
Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың 20-август күни исбилерменлер менен ашық сөйлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзинде бул бағдардағы санларға айрықша тоқтап өтти. "Өткен жылы айланысы 1 триллион сумнан асқан 203 кәрхана бар еди. Усы жылдың өткен алты айында оларға қосымша және 47 кәрхана 400-500 миллиард сумлық шекти ийеледи. Несип етсе, жылдың ақырына шекем олар да биймәлел "триллионшылар" қатарына қосылады", деп атап өтти.
Бул "чемпион" исбилерменлердиң қатары және де кеңейеди дегени. Исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан гөзленген мақсет те сол — бизнес ийелери раўажланыўдан тоқтамасын, керисинше, жумыс искерлигин және де кеңейтип алдынғы исбилерменлер қатарына қосылсын. Мәмлекетимизде киши ҳәм орта бизнес субъектлерин үлкейтиўге байланыслы жаңа бағдарлама иске қосылған ҳәм бизнес ийелери арасынан "чемпион" исбилерменлер дизимин қәлиплестириў де басланған.
Хош, бундай исбилерменлер қатарына кимлер киреди, нормалары, көрсеткишлери қандай?
Усы жылдың 19-март күни қабыл етилген "Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент пәрманы менен Өзбекстанда "чемпион" исбилерменлер дизимине киргизиў нормалары белгиленди. Онда тийкарғы итибар исбилерменлик субъектиниң жыллық айланысы ҳәм жаратқан жумыс орынларының санына қаратылады. Атап айтқанда, район дәрежесинде - жыллық айланысы 10 миллиард сумнан жоқары болған ҳәм 50 ден аслам жумыс орнын жаратқан, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында - жыллық айланысы 100 миллиард сумнан жоқары болған ҳәм 500 ден аслам жумыс орнын жаратқан, республика дәрежесинде - жыллық айланысы 1 триллион сумнан жоқары болған ҳәм 5 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери "чемпион" статусын алады.
Бундай исбилерменлердиң қатары кеңейип атырғанынан халқымыз да мәпдар. Ири бизнеске ийе исбилерменлер қанша көп болса, орынларда сонша көп жумыс орынлары пайда болады, өндирис қуўатлықлары артып, аймақлардағы дөретиўшилик ҳәм раўажланыў көлеми кеңейеди. Адамлардың турмыс абаданлығы, турмыс тәризи және де жақсыланады. Бүгин мине усындай үлкен бизнеске ийе исбилерменлерге айрықша итибар қаратылып атырғаны, мийнетлери тән алынып, басқаларға өрнек етип көрсетилип атырғанының себеби сонда.
БИЗНЕС УШЫН ҚОЛАЙЛИ МӘНЗИЛ
Ҳәр қандай үлкен бренд артында инсанның ерк-ықрары, сабыры ҳәм мийнети турады. Өз мийнетим себепли мыңлаған инсанлардың күнделикли турмысына қуўаныш алып кириў менен бирге, жүзлеген ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын турақлы жумыс орынларын жаратыў имканиятына ийе болдым.
Қалаберди, мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыўға қаратылып атырған сиясат, әмелге асырылып атырған илажлар, бизнес ўәкиллери ушын дизимнен өтиўден баслап салық тараўындағы жеңилликлер, кредит ҳәм жер ажыратыў сыяқлы көплеген жеңилликлер бизди және де көбирек жумыс ислеўге ийтермелемекте.
Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеген сөзлериниң биринде "...Қарақалпақстанға инвестиция киргизип, бизнес етиўдиң басқа аймақларға салыстырғанда 3 артықмашлығы бар. Бириншиси - Қарақалпақстанда бизнес ушын ҳеш бир аймақта жоқ 50 ден аслам жеңилликлер пакети енгизилген. Екиншиси - Қарақалпақстанда жер ажыратыўдың әпиўайы системасы енгизилген. Үшиншиси - үлкен базарларға шығыў ушын ең қолайлы аймағымыз, бул - Қарақалпақстан", деген еди. Ҳақыйқатында да, бүгин Қарақалпақстанда исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын имканиятлар менен шараятлар үлкен. Адамлар буннан пайдаланып атыр. Тек ғана "Қарақалпақстанда бизнес етиң" бағдарламасының қабыл етилиўи аймақларда онлаған, жүзлеген жаңа исбилерменлик субъектлериниң пайда болыўына жол ашпақта.
Өзим исбилерменлик жумысымды 2007-жылы жолға қойғанман. Дәслеп Хожели районындағы киши цехта ҳәр қыйлы кондитер өнимлерин ислеп шығара басладық. Олар өзине тән рецептурасы ҳәм сулыў көриниси менен жергиликли базарда тез белгили болды. Бир жыллық мийнетимиздиң жемиси сыпатында үлкен тармаққа тийкар салынды. 2013-жылы болса Нөкис қаласында биринши саўда шақапшасын аштық. Бул ўақыя компания ушын жаңа басқыш болды ҳәм миллий бренд халыққа жақынласты.
“Cake Bumer” брендин жаратыў жолы аңсат болмады. Финанслық қыйыншылықлар, базардағы бәсеки, сапа талаплары - булардың барлығы үлкен сабыр ҳәм мәртликти талап етти. Бирақ қыйыншылықлардан қорықпадым. Керисинше, оларды жаңа имканиятқа айландырыўға өзимде күш ҳәм ғайрат таўып алдым.
2018-жылдан баслап “Cake Bumer” заманагөй өндирис цехларының жумысын жолға қойдық. Ҳәзир Нөкис, Хожели ҳәм Қоңыратта жәми 5 саўда ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшаларымыз жумыс алып бармақта. Компанияда 100 ден аслам рәсмий жумыс орны жаратылған. 30 дан аслам мийнет мигрантын сырт елден қайтарып алып келип, турақлы жумыс пенен тәмийинледим. Хызметкерлеримиздиң 80 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурайды.
Ири бизнестиң машақаты да, машқалалары да үлкен болады. Бирақ оның артынан халқымызға, ўатанласларымызға тийип атырған пайданы ойлағанымда, барлық қыйыншылықлар умытылады. Усы жылы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен "Шуҳрат" медалы менен сыйлықланғаным бизнесиме болған меҳримди және де арттырды. Бундай хошамет ҳәм исеним бизди руўхландырады, көбирек ислеўге, жаңа жойбарларға ийтермелейди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тапсырылған "Ўатан пидайысы" көкирек белгиси де қосымша хошаметлеў белгиси болып есапланады. Бул сыйлық ҳәм тән алыўлар тек ғана маған емес, ал ири кондитер бренди артында турған жүзлеген жумысшылардың мийнетине берилген жоқары баҳа болып есапланады.
Махира МАМУТОВА,
“Cake Bumer Pastry” шаңарақлық кәрханасының баслығы