Дәслеп, 2024-жыл декабрь айында Ташкенттен Хожакентке жаңа электропоезд қатнаўы жолға қойылған еди.
Бул таўлы аймақты заманагөй инфраструктура менен тәмийинлеў, көрсетилип атырған туризм, мийманхана, транспорт ҳәм басқа да хызмет түрлериниң сапасын арттырыў арқалы халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў және халқымыздың руўхый дем алыўы ушын ҳәр тәреплеме заманагөй қолайлы шараят жаратыў, туризмди раўажландырыў, келетуғын туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде бул поезд жолға қойылды. Бул поезд барлық қолайлықларға ийе. Тез, ханалары қолайлы, жүдә ыссы ҳәм майыплығы болғанлар ушын да пандуслар шөлкемлестирилген. Поездда ең тийкарғысы тәбиятты тамашалаў, гөззаллықтан заўықланыў ҳәм таў жанбаўырларына саяхат етиў имканияты бар.
"Хожакент" ҳәм бурынғы "Чинор" темир жол бәндиргилерин байланыстыратуғын транспорт байланысын жаратыў жойбарына муўапық, тәжирийбели темир жолшылардың ҳәрекети менен Хожакенттен Чиноркентке шекем 1,5 километр аралыққа темир жол қурылды, сондай-ақ, "Чиноркент" темир жол бәндиргиси қурып питкерилди ҳәм усы жылдың 22-январь күни пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Транспорт прокуратурасы, "Ташкент регионаллық темир жол узели" филиалы, “Ўзтемирйўлйўловчи” АЖ басшылығы, Өзбекстан Республикасы туризм комитетиниң басқарма баслықлары, ветеранлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары бул темир жол бәндиргисинде жолаўшыларға жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысты. Қысқа ўақыт ишинде бул жерде 150 метр узынлықта перрон ҳәм саябан қурылып пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, имканияты шекленген жолаўшылар ушын сырғанаўға қарсы плиталар орнатылды ҳәм жолаўшылар ушын жер асты туннели қурылды.
Ҳәзирги күнге шекем бул аймаққа келетуғын жолаўшылар электропоездта "Хожакент" станциясына шекем келип, оннан кейинги жағына автомобиллерге минип келетуғын еди. Бул жолаўшыларға қолайсызлық туўдыратуғын еди. Енди бундай қолайсызлықлар сапластырылды. Яғный, Ташкенттен жолға шыққан жолаўшылар, туристлер заманагөй электропоездта "Чиноркент" темир жол бәндиргисине жетип келеди ҳәм усы жердиң өзинен биймәлел дем алыў орынларына шығып кетиўи мүмкин.
Зулхумар АКБАРОВА