Ургутке темир жол тармағын тартыў жумыслары басланды

    12 мамыр 2025 792

    Самарқанд қаласы аймағынан басланатуғын жаңа темир жол тармағы Жамбай районындағы "МАN" заводы жанынан 4Р-238 автомобиль жолын кесип, Зарафшан дәрьясы бойлап өтеди ҳәм усы дәрья үстинде қурылатуғын көпир арқалы Ургут районына барады.

    Усы жылдың февраль айынан баслап Самарқанд қаласы ҳәм Ургут районын байланыстырыўшы темир жол қурылысына кирисилген еди.

    Узынлығы 55 километр болған жаңа тармақ "Таштемиржолжойбар" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ислеп шығылған бас реже бойынша заманагөй инженерлик шешимлер есапқа алынған ҳалда қурылмақта.

    Бүгин жаңа темир жол тармағын тартыў жумыслары басланды.

    Темир жол тармағын тартыў илажында қатнасқан ўәлаят ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы Адиз Бобоев жаңа темир жол тармағы халықтың узағын жақын ететуғынын, туризм, саўда-сатық ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлерди экспорт етиў имканиятын және де арттыратуғынын атап өтти.

    "Өзбекстан темир жоллары" АЖ капитал қурылыс дирекциясы баслығының орынбасары Анвар Алламуратовтың атап өтиўинше, темир жол өтетуғын 55 километр жолдың 25 километрине темир жол тармағын тартыў ушын қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылған. Сондай-ақ, еки вокзал қурылысы басланған болып, бириншиси Ургут қаласында, екиншиси Ургуттиң Тәжикстан Республикасы менен шегаралас Жартепа аймағында қурылмақта.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates