Қырғызстанда Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолының ең узын туннель қурылысы басланды

    29 сәуір 2025 1084

    Қырғызстан Республикасының Жалалабад ўәлаяты Сузак районында "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолын қурыў жойбары шеңберинде әҳмийетли объектлер қурылысының салтанатлы басланыў мәресими болып өтти.

    Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше, мәресимде, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм "Өзбекстан темир жоллары" АЖ ўәкиллеринен ибарат мәмлекетимиз делегациясы қатнасты.

    "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жол қурылысы шеңберинде 10 км.ден узын болған 3 туннель, соның ишинде:

    1-санлы Нарын (Джаман-Даван) туннели узынлығы - 12,5 км;

    Қоштөбе (Казарман) туннели узынлығы - 13,2 км;

    Ферғана таў туннели узынлығы - 12,2 км қурылысы режелестирилген.

    Еслетип өтемиз, "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жол қурылысына "старт" бериў мәресими 2024-жыл 27-декабрь күни Жалалабад қаласында болып өткен еди. Бул темир жол жойбарының улыўма узынлығы - 532,53 км.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates