Елимиз абаданлығы ҳәм халықтың саламатлығында үлкен орын иелейтуғын бул тараўға заманагөй көзқараслар алып келинбекте. Кейинги үш жылда барлық дәреклерден 2 триллион сумнан аслам қаржы қаратылды. Өткен жылы Шығындыларды басқарыў ҳәм айланбалы экономиканы раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.

Шығынды кәрханалары ушын 1 мың 200 жаңа техника алып берилди. Мәҳәллелерде шығынды майданлары қурылды. Топлаў ҳәм тасып кетиў жақсыланғаны нәтийжесинде бул тармақ екилемши шийки зат дәрегине айланды.

Бурын мәмлекет монополиясында болған тараўда исбилерменликке жол ашылып, қолайлы бизнес орталығы жаратылды. Соның ишинде, санитариялық-тазалаў ҳәм шығындыны қайта ислеў кәрханалары ушын пайда салығы ҳәм социаллық салық ставкалары 1 процент етип белгиленди. Шеттен алып келинетуғын техника ҳәм үскенелер импорт бажысынан азат етилди. Нәтийжеде 200 ге шамалас санитариялық тазалаў ҳәм 290 шығындыны қайта ислеў кәрханалары ашылды.

Презентацияда жуўапкерлер тараўдағы жойбарлардың барысы ҳәм гезектеги режелер ҳаққында мәлимлеме берди.

Елимизде жылына 14 миллион тонна турмыслық шығынды пайда болады. Бирақ оларды қайта ислеў дәрежеси төмен. Кейинги жыллардағы жойбарлар нәтийжесинде бул енди 5 процентке жетти.

Шығындыны жағыў арқалы энергия ислеп шығарыў жойбарлары қоллап-қуўатланбақта. Қытайлы инвесторлар 6 ўәлаятта усындай заводлар қурмақта. Мәмлекет шығындыны утилизациялаў ушын оларға төлем төлеў менен бирге, пайда болған энергияны сатып алыў бойынша да миннетлеме алмақта.

Жақында Ташкент қаласында медицина шығындысын жағып, ыссылық алатуғын еки кәрхана иске қосылды. Және Самарқандта 2, қалған аймақларда биреўден усындай заводлардың қурылысы мөлшерленген.

Турмыслық шығындылардың төрттен бир бөлеги қағаз, пластик, резина, шийше, тоқымашылық қалдықларына туўра келеди. Оларды қайта ислеп, 1 триллион сумлық өним алыў мүмкин екени айтылды. Буннан тысқары, елимизде қайта исленбейтуғын қурылыс, химия, электрон, техникалық ҳәм санаат майлары бойынша үлкен резерв бар екенлиги көрсетип өтилди.

Шығындыны тасып кетиў хызметлери халықты разы ететуғын дәрежеде болыўы керек екенлиги атап өтилди. Сол себепли мәҳәллеге шығынды техникасының келиў ўақты ҳәм ҳәрекетин онлайн көриў имканиятын жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Социаллық мәкемелер ҳәм мәҳәллелерди шығынды контейнерлери менен толық тәмийинлеў бойынша еки жыллық бағдарлама ислеп шығылатуғыны белгиленди. Халықта экологиялық мәдениятты бақша ҳәм мектептен баслап қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.