Қарарға бола, университеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленбекте:
мәлимлемени қорғаў, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик, санлы технологиялар ҳәм санлы экономика, жасалма интеллектке тийкарланған автоматластырылған мәлимлеме-таллаў системаларын жаратыў, робототехника ҳәм басқа да түрлес тараўлар бойынша кадрлар таярлаў;
санлы технологиялар тараўында қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;
оқыў процесин алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй билимлендириў технологиялары тийкарында шөлкемлестириў және ашық мәлимлеме-билимлендириў орталығының раўажланыўына жәрдемлесиў;
жаслардың билим алыўы ҳәм кәсип ийелеўине қосымша шараятлар жаратыў, мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар ҳәм басқа да шөлкемлерди кадрлар менен тәмийинлеўде сайлап алыў ҳәм қамтып алыўды кеңейтиў;
оқыў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыўда жетекши республикалық ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери, санлы технологиялардың ислеп шығыўшылары ҳәм тутыныўшылары, басқа да тараў кәрханалары менен бирге ислесиў;
тийисли билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў-методикалық әдебиятларды жаратыў, студентлер ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда фундаментал, илимий ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў.