Данияда өзбек мәдений мийрасына бағышланған "Қолдан тоқыў өнери - Абрбанди" атамасында көргизбе болып өтпекте

    22 сәуір 2025 591

    Данияның Орхус қаласында "Қолдан тоқыў өнери - Абрбанди" атамасында көргизбе өткерилмекте.

    Усы жылы 3-30-апрель күнлери болып өтип атырған бул көргизбе Даниядағы ўатанласлар шөлкеми - "Өзбек басламалары аўқамы" тәрепинен шөлкемлестирилди.

    Онда миллий дәстүрий тоқымашылық өнери, абрбанди көркем өнери - жипек қурты пиллеси ҳәм пахта талшығынан жип алыўдан баслап таяр гезлемелерге шекемги процесслерди сәўлелендириўши фотосүўретлер, сулыў гезлемелер, сондай-ақ, көргизбели қураллар көрсетилмекте.

    Жойбар авторы, "Өзбек басламалары аўқамы"ның басшысы Маърифат Акбарова өткен жылы август айында Марғилан қаласындағы дәстүрий халықаралық "Атлас байрамы" фестивалында қатнасып, Данияда турақлы көшпели көргизбени шөлкемлестириўге бел байлағанын атап өтти.

    Илаж шеңберинде "Адрас гезлемелери нағысларынан илҳам алып сызың" атамасында креатив воркшоп шөлкемлестирилди. Онда дизайнер-тигиўши Зулфизар Аҳмедова тәрепинен қызықлы шынығыўлар өткерилди, деп хабар береди "Дунё" МА.

    "Көргизбе даўамында жипек қурты жипегинен баслап таяр гезлемеге шекемги процесстиң гүўасы болдық. Биз бул көркем өнердиң узақ тарийхы, атап айтқанда, оның бурынғы аўқам дәўиринде дерлик жойтылыўы ҳәм Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин қайта тикленгени және бүгин дүньяға кеңнен үгит-нәсиятланып атырғаны ҳаққындағы әҳмийетли мағлыўматлар менен таныстық. Бул көркем өнер әййемги өзбек мәдениятын өзинде сәўлелендиргени менен таң қаларлық", - деди көргизбе мийманы Аске Йервин.

    "Келиўшилер тек ғана сулыў ҳәм ықшам гезлемелерди көриў менен шекленип қалмайды. Олар пүткил тоқыў процеси, яғный жипек ҳәм пахта жиплери қалай таярланатуғыны ҳәм өзбек өнерментшилик көркем өнери дәстүрлери ҳаққында жүдә көплеген мағлыўматларды билип алыўы мүмкин. Тоқымашылық көркем өнери ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән материаллық емес мәдений мийрасы дизиминен орын алған. Биз өзбек тоқымашылық көркем өнерине бағышланған көргизбени қабыл етип атырғанымыздан қуўанышлымыз", - деди Орхус қаласындағы Геллеруп китапханасы хызметкери.