Даңқлы жол ҳүрмети

    Ғәрезсизлигимизди беккемлеў ҳәммемиз ушын қарыз ҳәм парыз

    Ғәрезсизлик сондай уллы жемис, ол миллий өзлигимиз, мәмлекетшилигимиз, қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз, бийбаҳа тарийхымыз ҳәм мәнаўиятымыз, ҳуқық ҳәм қәдир-қымбатымызды қайтып берди.

    Ғәрезсизлик жылларында елимизде жаңа мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў жолында тарийхый жумыслар әмелге асырылды, мәрт ҳәм кеңпейил халқымыздың бүгилмес ерк-ықрары ҳәм үлкен потенциалы менен үлкен шеклер қолға киргизилди. Халқымыз Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеўине тийкар болатуғын үлкен жетискенликлерди қолға киргизди. Ғәрезсизлик халықшыл ҳәм демократиялық принциплерге тийкарланған мәмлекет, инсан қәдири үстин болған еркин пуқаралық жәмийетин қурыў имканиятын берди.

    Өткен отыз төрт жыл азат Ўатанымыз ушын шын мәнисиндеги ояныў, тиклениў ҳәм раўажланыў дәўири болды. Экономика, илим, мәденият, ағартыўшылық, руўхыйлық, демократиялық жәмийет қурыў ҳәм басқа да тараўларда шексиз жетискенликлер қолға киргизилди. Әсиресе, соңғы жылларда барлық тараўда өзгерислер жедел түс алды.

    Жаңа Өзбекстан раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып, барлық тараў ҳәм тармақларда түпкиликли реформалар, демократиялық жаңаланыў процесслери болып өтпекте. Өткен дәўир еркин ҳәм абадан турмыс, уллы келешекти тек ғана ғәрезсизлик тийкарында ғана қурыў мүмкин екенлигин көрсетти.

    Жоқары сиясий ерк-ықрар себепли Өзбекстан дүньяға, дүнья Өзбекстанға ашылды. Әсиресе, регион мәмлекетлери менен музлатылған қатнасықларға жыллылық кирди. Жыллар даўамында шешимин күтип атырған машқалалар шешилди. Нәтийжеде Орайлық Азия мәмлекетлери менен барлық тараўлардағы байланысларымыз жаңа басқышқа шықты.

    Өзбекстанның дүньяға ашылыўы ҳәм ашық-айдын, прагматикалық сиясат регион сыртқы сиясатындағы векторларға унамлы тәсир көрсетти. Ҳәзирги күнде қоңсы мәмлекетлер менен байланысларды беккемлеў бойынша әмелдеги сиясатымызды дүнья жәмийетшилиги де тән алмақта.

    Өткен тарийхый қысқа дәўирде елимиздиң Орайлық Азия регионы ҳәм дүнья көлеминдеги сиясий орны ҳәм абырайы кескин артты. Дүньяда жаңа Өзбекстанға исеним руўхы ҳәм бирге ислесиўге умтылыў принциплери күшейди. Кейинги жети-сегиз жыл ишинде регионның жүрегинде жайласқан мәмлекет - Өзбекстанның өзгериўи қоңсылар, қалаберди, дүнья жәмийетшилиги менен ашық-айдын сиясат жүргизиўге өтиўи есабынан жүз берип атырғанын ҳәмме көрип, сезинип турыпты.

    Президентимиздиң усы жыл 10-июльдеги "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарында да орынларда қутлы әййямды жоқары дәрежеде белгилеў ушын шөлкемлестирилетуғын ҳәр қыйлы илажларда усы мәселелерге айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилгенин атап өтиў керек.

    Атап айтқанда, жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша сегиз жыл алдын баслаған кең көлемли реформаларымыз себепли жәмийетимиздиң жәмийетлик-сиясий көриниси пүткиллей өзгерип атырғаны, көп миллетли ҳәм көп конфессиялы жәмийетимиздеги тынышлық, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы бизиң бийбаҳа байлығымыз екени, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып қалыўы зәрүрлиги, Өзбекстанның Орайлық Азия регионында жақсы қоңсышылық, бирге ислесиў ҳәм интеграция процесслерин күшейтиўдеги орны ҳәм абырайы артып, жаңа басқышқа көтерилип атырғаны, мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигинде ашық, демократиялық ҳәм дүньялық мәмлекет сыпатындағы абырайы ҳәм статусы барған сайын жоқарылап атырғаны усылардың қаатарына киреди.

    Ҳақыйқатында да, бүгин елимизде болып атырған реформалар, инсан мәплерин тәмийинлеў жолындағы ҳәрекетлер нәтийжесинде "Жаңа Өзбекстан әрманы" реал ўақыяға айланбақта. Буны халықаралық майданда Ўатанымызға ҳүрмет ҳәм итибар барған сайын артып атырғаны да анық тастыйықлайды.

    Өзиңиз айтың, қашан бизде бундай кең көлемли реформалар әмелге асырылған ямаса соған ҳәрекет етилген? Кейинги сегиз жыл ишинде бирде-бир ай ямаса бирде-бир ҳәпте табылар ма екен, онда халық мәпи жолында бирде-бир ҳүжжет қабыл етилмеген ямаса усы мақсет жолында қандай да бир ири жойбарға қол урылмаған болса? Өзбекстан жетекшиси бул демократиялық өзгерислерди кимлергедур жағыныў, мақтаныў, ҳәр қыйлы рейтинглерге кириў ушын емес, керисинше, халқымыздың бүгинги турмысы ҳәм ертеңги келешегин ойлап, миллий мәплеримиз жолында әмелге асырмақта.

    Жаңа Өзбекстандағы избе-из реформалар нәтийжесинде "Инсан қәдири ушын" принципи жәмийетте өз көринисин таўып, елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның турмыслық мәплери, арзыў-нийетлери әмелге аспақта, ҳақыйқый жасаў рәҳәтин сезинбекте. Соның ушын бүгинги Өзбекстан - кешеги Өзбекстан емес, бүгинги халқымыз да кешеги халық емес, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.

    Инсан қай жерде дүньяға келсе, әне сол жер оның ушын әзиз ўатан болып есапланады. Киндик қаны төгилген жер инсан ушын ҳеш нәрсеге алмастырып болмайтуғын, ҳәмме нәрседен қымбат дәргай! Мәмлекетимиздиң мәмлекетлик ғәрезсизлигине ерисиўи, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурылысы, жаңа жәмийетке өтиў дәўиринде сиясий-экономикалық реформаларды тереңлестириўге байланыслы илажлар, жәмийетлик-сиясий турақлылықты тәмийинлеў, руўхый жақтан пәклениў ҳәм де Өзбекстанның жәҳән жәмийетшилигинен мүнәсип орын алыўы әҳмийетли тарийхый ўақыялар болып есапланады.

    Быйылғы байрам илажлары "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген ҳалда өткерилмекте. Айтып өтиў керек болса, ўатан ушын жасаў бул елимиздиң раўажланыўы ушын умтылыў, оның абырайын қорғаў, оны дүнья тән алатуғын заманагөй, абат мәмлекетке айландырыў болып есапланады. Миллет ушын пидә болыў өз тилимизди, мәдениятымызды, миллий қәдириятларымызды ҳүрмет етиў, оны жаслар қәлбине сиңдириў болып табылады. Халық ушын жасаў болса пидәкерлик, ҳақ кеўиллик ҳәм ҳадал мийнет арқалы жәмийеттиң раўажланыўына үлес қосыў дегени.

    Ҳәзирги ўақытта жаңа Өзбекстанды қурыў, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға кирискен даңқлы жол басындамыз. Бул жолда елимизде болып атырған реформаларға пидәкерлик пенен қатнасып, ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлеўге мүнәсип үлес қосыў ҳәммемиз ушын қарыз ҳәм парыз болыўы керек.

    Қобил ТУРСУНОВ,

    Олий Мажлис Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер

    комитети баслығының орынбасары

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates