Бул илажлар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жыл 16-февраль күни қол қойылған "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў" жылында тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманда нәзерде тутылмақта. Бағдарлама тийкарында 2026-жылы тараўлар ҳәм тармақлар кесиминде ең әҳмийетли стратегиялық реформалар жойбарлары ислеп шығылады.

Реформалар бағдарламасы халық ушын қолайлы ҳәм ықшам түрде таярланғанын атап өтиў керек. Онда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған басламалар тиккелей әмел етиў механизми ҳәм жыл жуўмағы бойынша ерисилетуғын анық нәтийжелери менен баян етилген.

Ҳүжжетте мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў, экономиканы технологиялық өсиў моделине өткериў, жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў, экологияны сақлаў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў және мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў сыяқлы бес тийкарғы бағдар бойынша әҳмийетли реформаларды әмелге асырыў белгиленбекте.

Бағдарламада электромобиль сатып алыў ушын төмен процентли кредитлер, ажыратыў, жынаят ислери бойынша судларда халық ўәкиллериниң қатнасыўын жолға қойыў белгиленген. Усы еки мәселениң өзи-ақ бүгинги күнде жәмийет ушын ең әҳмийетли болған қоршаған орталықтың тазалығын ҳәм инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында әҳмийетли өзгерис болып есапланады.

Және бир әҳмийетли тәрепи - қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 30 процентке жеткериў ўазыйпасы. Бул үлкен муғдардағы тәбийғый ресурсларды үнемлеў, экономика тармақлары ҳәм халықтың талабы ушын жаңа қуўатлықлар дегени.

Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарлама усындай жүзлеген илажларды қамтып алған. Олардың ҳәммеси бүгинги күн ушын әҳмийетли ҳәм халқымыздың талапларынан келип шығып таярланды.

23-январьдан 1-февральға шекем даўам еткен додалаўларда 5 миллионнан аслам ўатанласымыз мәмлекетлик бағдарлама жойбары менен танысып, 22 мыңнан асламы пикир-усынысларын билдиргени бүгин олар өз келешегине, мәмлекет абаданлығына бийпәрўа емес екенлигин көрсетти. Таллаўлар нәтийжесинде конструктивлик деп табылған 1000 ға шамалас усыныс таңлап алынып, мәмлекетлик бағдарлама жойбарына киргизилди.

Быйылғы бағдарламада өзине тән көзқарас сонда, ҳәр бир реформа бағдарламасының орынланыўы ушын жеке жуўапкер басшы ҳәм муўапықластырыўшы мәмлекетлик шөлкем, мүддети, қаржыландырыў дәреклери белгиленди.

Соның ишинде, усы жылы 59 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳәм стратегиялық реформаларды нәзерде тутатуғын 12 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады. Сондай-ақ, мәҳәллелерде қаржыларды бағдарлаў бағдарындағы ашық есап бериў системасы, коррупцияға қарсы гүресиўди жаңа басқышқа алып шығыў бойынша анық илажлар сыяқлы бир қатар әҳмийетли илажлар мәмлекетлик бағдарламада сәўлелендирилди.

Әҳмийетлиси, мәмлекетлик бағдарлама реформаларды тек ғана режелестириў емес, ал анық нәтийже ҳәм жеке жуўапкершилик тийкарында әмелге асырыўды нәзерде тутпақта. Соның ушын реформалар биринши мәрте тараўлар бойынша өз алдына тийкарғы бағдарламалар түринде қабыл етилип, ҳәр бир бағдар бойынша жуўапкер атқарыўшылар белгиленбекте. Бул мәмлекетлик басқарыўда нәтийже ушын ислеў принципи қарар таўып атырғанын билдиреди.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламада усы жылы стратегияда белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын мөлшерленген әмелий илажлар, ҳәр бир тараў кесиминде ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм стратегиялық реформаларды нәзерде тутатуғын нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарлары дизими қәлиплестирилген.

"Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў" жылында "мәҳәлле жетилиги" жумысын шөлкемлестириў процесслерин реформалаў бойынша да бир қатар жаңалықлар белгиленген. Соның ишинде, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторын олардың бойсыныўындағы шөлкемлердиң усынысына тийкарланып район, қала ҳәкими тәрепинен лаўазымға тайынлаў ҳәм пуқаралар жыйынының усынысына тийкарланып лаўазымынан азат етиў, 500 мәҳәлледе эксперимент тәризинде "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллерин олардың өзи жасап атырған ҳәм қоңсылас мәҳәлледен тайынлаў әмелияты усылардың қатарына киреди.

Ең тийкарғысы, Президентимиздиң халқымыз ҳәм Олий Мажлиске Мүрәжатында атап өтилгениндей, реформалар орайында мәҳәлле институты турыпты. Мәҳәлледеги ҳәр бир машқала мәмлекетлик уйымлар ушын анық жуўапкершиликке айланып, оның орынланыўы санлы система арқалы турақлы қадағалаў белгиленгени де үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетлик бағдарламаның және бир өзине тән тәрепи пуқаралардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын кеңейтиў мақсетинде социаллық белсендиликти хошаметлеў механизмлери де енгизилип атырғанында болып есапланады.

Бул ҳүжжеттиң орынланыўы, бәринен бурын, экономикалық раўажланыўға, халқымыздың турмысына көплеген жаңалықлар, қолайлықлар алып келеди. Соның менен бирге, елимиздиң жақын келешектеги раўажланыўына, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Илҳам СУВАНОВ,

Социаллық-руўхый изертлеўлер институтының илимий хаткери, философия илимлериниң докторы, доцент