Мирақбар Раҳманқулов 1952-жыл 5-октябрьде Ташкент қаласында туўылды. 1975-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) ҳуқықтаныўшылық қәнигелиги бойынша тамамлап, мийнет жолын Мәмлекетлик режелестириў комитети жанындағы Экономика илимий-изертлеў институтының киши илимий хызметкери лаўазымынан баслаған. Кейинги жыллары Өзбекистан жаслар аўқамы Орайлық комитети, Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы, Өзбекистан Жоқарғы Кеңеси Президиумында түрли лаўазымларда жумыс иследи.

1992-1994-жыллары Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң биринши проректоры лаўазымында ислеп, сыртқы сиясат тараўында заманагөй билимге ийе, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўға үлкен үлес қосты.

Миракбар Раҳманқулов 1995-1997-жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының баслығы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Әмелдеги нызамшылық мониторинги институты директорының орынбасары лаўазымларында жумыс алып барған. Оның басшылығында мәмлекеттиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий турақлылығын, қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли стратегиялық изертлеўлер алып барылды.

Өзбекстан Республикасының ишки ҳәм сыртқы сиясатына байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар, концептуаллық ҳүжжетлер, нызам жойбарларын ислеп шығыўда белсене қатнасты.

Миракбар Раҳмонқулов абырайлы илимпаз сыпатында регионаллық қәўипсизлик мәселелери ҳәм сырт мәмлекетлер менен көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына бағышланған бир қатар монографиялар ҳәм илимий-методикалық қолланбалар таярлаған.

Тәжирийбели сиясачы, интакер ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетлик хызметкер көп жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Миллий қәўипсизлик кеңесиниң хаткери лаўазымларында жумыс иследи. 2022-жылдан Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясында жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барып, жоқары профессионаллық, терең билим, пидайылық ҳәм ҳақыйқый ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин көрсетип киятырған еди.

Кейинги жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институтын бир ўақыттың өзинде басқарып, Олий Мажлис Сенатының ағзасы ўазыйпасын нәтийжели атқарып келди.

Миракбар Раҳманқуловтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери мүнәсип сыйлықланды. Ол "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист" ҳүрметли атағы, "Фидокорона хизматлари учун" ҳәм II дәрежели "Шон-шараф" орденлери менен сыйлықланған еди.

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, ири ҳуқықтаныўшы илимпаз, жаслардың дана устазы, кеңпейил ҳәм кишипейил инсан Миракбар Раҳманқуловтың жарқын естелиги жүреклеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Нарбаева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Ш.Аюпов.