Мәмлекетимизде мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў, экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыў, аўыл халқының дәраматын арттырыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде республикамызда 572,6 мың гектар бағ ҳәм жүзим атызлары болып, олар жылына 1 миллиард долларлық экспортты тәмийинлемекте, 882 мың халықтың дәрамат дәрегине айланбақта.

Соның менен бирге, жер ҳәм суў ресурслары шекленген шараятта тармақта өсиўди тек ғана майданларды кеңейтиў емес, ал өнимдарлықты ҳәм ҳәр гектардан дәраматлылықты арттырыў арқалы тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Өзбекстан 2030-жылға шекем азық-аўқат өнимлериниң экспортын 10 миллиард долларға жеткериўди мөлшерлемекте. Интенсив, санаатластырылған бағшылықты кеңейтиў бул мақсетке ерисиўде әҳмийетли фактор болады.

Мәжилисте усы бағ ҳәм жүзим бағларының жағдайы талланды. Енди 61 мың гектар ескирген ҳәм 18 мың гектар өнимсиз бағларды жаңалаў зәрүр. Айырым ўәлаятларда бундай майданлардан тек ғана 5 тоннаға шамалас өним алынады, жыллық дәрамат болса 10 миллион сумға да жетпейди.

Мәселен, Поп районында 1,2 мың гектар ески ҳәм өнимсиз бағлар бар. Бул жерлерге экспортқа қолайлы сортлар егилип, кептириў, сайлап алыў ҳәм қадақлаў агро логистика орайлары шөлкемлестирилсе, өнимдарлық ҳәм дәраматлылықты бир неше есеге арттырыў мүмкин. Интенсив бағшылықтың әмелий нәтийжелерин усы аймақта 84 гектар майданда шийе бағын жаратыў тәжирийбеси де көрсетпекте. Ҳәттеки, еле толық мийўе бермей атырған жас тереклер де гектарынан 7 тоннаға шекем өним берип, бир килограмм өним 8 доллар есабынан экспорт етилмекте.

Сонлықтан, ески ҳәм жарамсыз бағлар менен ислесиўдиң жаңа тәртибин енгизиў усынысы билдирилди. Соның ишинде, Агросанаатты раўажландырыў агентлигине бағ ҳәм жүзим атызларын жарамсыз деп табыў, олардың орнында санаат бағларын шөлкемлестириў ямаса бундай майданларды егислик жерлер категориясына өткериў бойынша жуўмақ бериў ўәкиллиги бериледи. Егер бундай жерлерде 12 ай даўамында санаат бағы жаратылмаса, суў ҳәм жер салықларының ставкаларын арттырыў, жағдай және 12 ай даўамында сақланып қалған жағдайда суў алыўды шеклеў усыныс етилди.

Президентимиз жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў үстинен қадағалаўды санластырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Ескирген ҳәм жаңа санаатластырылған бағлардың жағдайын космослық сүўретлер тийкарында мониторинг етиў бойынша мәлимлеме системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Қыйтақ жерлер ҳәм фермер хожалықларындағы ески бағларды жаңалаў жойбарлары да итибардан шетте қалмаўы керек екенлиги атап өтилди. Оның ушын халыққа 50 түпке шекем нәл ямаса мәҳәлле банкири арқалы 2 миллион сумға шекем кредит, фермер хожалықларына ески бағларды жаңалаў ушын 150 миллион сумға шекем кредит бериў усыныс етилди.

2026-2028-жыллар даўамында 168 мың гектар санаат бағлары ҳәм жүзим бағларын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул арқалы 2 миллиард доллар инвестиция кирип келиўи, 258 мың жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.

Бундай жойбарларды қаржыландырыў ҳәм әмелий қоллап-қуўатлаў ушын аймақларға 9 коммерциялық банк бириктириледи. Олар санаатластырылған бағларды исбилерменлерге таяр ҳалда тапсырыў менен бирге, еки жыл даўамында жойбарға агротехникалық, финанслық ҳәм шөлкемлестириў мәселелери бойынша жәрдем береди.

Мәжилисте интенсив бағ жаратыў нийетиндеги исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша өз алдына система енгизилетуғыны белгиленди. Оған бола, орынлардағы «Agrostar» кәрханалары исбилерменлер менен үлеслик тийкарда бирге ислеседи. Онда, «Agrostar»дың устав капиталындағы үлеси нақ пул есабынан 50 процентке шекем болыўы мүмкин, исбилерменниң үлеси болса жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы есабынан қәлиплестириледи.

Исбилерменлерге «Agrostar» компаниясының үлесин баҳасын қайта көрип шықпастан, 7 жыл даўамында бөлек-бөлек сатып алыў ҳуқықы бериледи. Бундай система ески бағлардың ийелери ушын да мәпдарлық жаратады: жаңаланған бағлардан алынған дәраматлар есабынан олар үлести басқышпа-басқыш сатып алып, кейин ала бағдың жеке меншик ийесине айланыўы мүмкин болады.

Бундай жойбарларды әмелге асырыў ушын банклер тәрепинен ҳәр бир гектарға 120 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи. Кредит өз ўақтында қайтарылса, процент ставкасының ярымы қаплап бериледи. Сондай-ақ, 3 жыл даўамында санаат бағларын тәрбиялаў қәрежетлерин қаплаў ушын ҳәр гектарға 5 миллион сумнан субсидия ажыратылады.

Исбилерменлер суўды үнемлейтуғын технологиялар, мийўе нәллери ҳәм аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў ушын ислам қаржыландырыў хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин болады.

Президентимиз мәжилисте сөзге шыққан исбилерменлердиң усынысларын да тыңлады. Олардың суўды үнемлейтуғын технологиялар менен үскенеленген бағларда жетистирилген ямаса импорт етилген мийўе нәллери ҳәм нәллер ушын қосымша қун салығының нольлик ставкасын енгизиў, сондай-ақ, қудықлардан алынатуғын суў ушын төлемди 5 жыл даўамында 1 сум етип белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақулланды.

Жуўапкерлерге ески ҳәм нәтийжесиз бағларды жаңалаў, санаат бағларын шөлкемлестириў бойынша анық жойбарларды қәлиплестириў, банклер, ҳәкимликлер ҳәм исбилерменлер арасындағы бирге ислесиўди системалы жолға қойыў, ҳәр бир аймақта экспортқа жарамлы сортлар, агрологистика ҳәм қайта ислеў қуўатлықларын раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.