Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Президентиниң бул ретки мәмлекетлик сапары еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара ҳүрмет байланысларын беккемлеўде әҳмийетли ўақыя, және бир әҳмийетли қәдем екенин айрықша атап өтти.
- Бүгин биз Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисин ашпақтамыз. Әлбетте, бул формат еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығып, Өзбекстан - Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын әмелий мазмун ҳәм үлкен басламалар менен байытыўға хызмет етеди, - деди Шавкат Мирзиёев.
Ҳүкиметлер, парламентлер ҳәм уйымлар дәрежесиндеги жедел ҳәм тығыз байланыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сапарға таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси, санаат көргизбеси, аймақлар, ректорлар, илимпазлар, жаслар, таллаў орайларының форумлары нәтийжели өткерилди. Усы күнлерде мәмлекетимизде Тәжикстан мәденияты ҳәм кино күнлери өткерилмекте.
Мәжилис даўамында тәреплер бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын ҳәр тәреплеме додалады, потенциал имканиятлардан пайдаланыўды таллады, өз-ара пайдалы Өзбекстан-Тәжикстан бирге ислесиўин беккемлеўге үлкен пәт бағышлайтуғын бир қатар әҳмийетли қарарлар қабыл етти.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясының өсиўин хошаметлеў, транспорт байланыслылығын күшейтиў ҳәм суў-энергетика қәўипсизлигин беккемлеў илажларына айрықша итибар қаратылды.
Өткен жылдың жуўмақлары бойынша товар алмасыў, бәринен бурын, таяр өнимлерди өз-ара жеткерип бериў есабынан дерлик 1 миллиард долларға жетти.
Санаат, қурылыс, аўыл хожалығы, тоқымашылық, электротехника, фармацевтика ҳәм көплеген басқа да тараўларда көплеген кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде еки мәмлекет пайтахтларын ҳаўа, автобус ҳәм темир жол қатнаўлары байланыстырып турады. Жүк тасыў көлеми жедел артып бармақта.
Өз-ара саўданы 2030-жылға шекем 2 миллиард долларға жеткериў имканиятлары көрип шығылды.
"Айбек-Фотеҳобод" шегараалды саўда орайын шөлкемлестириўди жеделлестириў, товарларды сертификатлаў ҳәм «Е-Permit» руқсатнамаларын алмастырыўдың санлы системаларын енгизиў, шегара өткериў пунктлерин модернизациялаў бойынша келисимлер оған хызмет етеди.
Буннан тысқары, таў-кән, энергетика, аўыл хожалығы, электротехника, жеңил санаат, қурылыс ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарларды өз ишине алған Санаат кооперациясы бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етилмекте.
Перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги Инвестициялық компанияның капитал базасын кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди. Бүгин еки мәмлекет аймағындағы жаңа биргеликтеги жойбарларға да старт бериледи.
Энергетика, суў хожалығы, транспорт ҳәм көплеген басқа да тараўлардағы бирге ислесиў перспективалары ҳәр тәреплеме көрип шығылды ҳәм белгиленди.
Мәмлекет басшылары аймақлараралық байланысларға қосымша пәт бағышлаў, гуманитарлық, билимлендириў ҳәм илим тараўларындағы алмасыўларды хошаметлеўге келисип алды.
Ири диаспоралардың бар екенлигин есапқа алып, мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў бойынша бес жыллық илажлар режесин қабыл етиў усыныс етилди.
Мәмлекет басшылары регионаллық күн тәртиби ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.
Орайлық Азиядағы көп тәреплеме структуралар ҳәм регионаллық форматлар шеңбериндеги тығыз сөйлесиўди ҳәм өз-ара жәрдемди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди. Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.
Мәжилисте Ҳүкиметлераралық комиссияның жәрдемши баслықлары - еки мәмлекет Бас министрлериниң бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша есабатлары тыңланды.
Жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлердиң толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша комплексли "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.