Әнжуманда Әзербайжан, Бирлескен Араб Әмирликлери, Пакистан, Румыния, Тәжикстан парламентлериниң басшылары, бир қатар мәмлекетлердиң парламент ағзалары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнасты.
Өзбекстан Олий Мажлиси делегациясының басшысы өзиниң баянатында Әзербайжан халқын Конституция қабыл етилгениниң 30 жыллығы менен қызғын қутлықлап, ҳәр бир мәмлекеттиң Тийкарғы Нызамы - бул халықтың ерк-ықрары, миллий мақтанышы ҳәм ғәрезсизликтиң тымсалы екенин атап өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы жақын ҳәм дослық қатнасықлар барлық тараўларда, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўде избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.












